Белсенди мәкемелер менен шөлкемлерге ҳүрмет көрсетилди

18

Нөкис қаласындағы пайызлы орынлардың биринде “Ҳүрмет-2025” сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Сыйлықлаў мәресиминде қала ҳәкими А.Данияров шығып сөйлеп, жыйналғанларға пайтахтымыздағы болып атырған жетискенликлерди, жаңаланыўларды атап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген жоқары итибары менен өткен жыллар ишинде он бестен аслам тарийхый пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи  халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеўге қаратылған жумысларға беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Өткерилген салтанатлы илажда мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы ийгиликли ислери менен түпкиликли өзгерислерде айрықша белсендилик көрсетип атырған қалалық мәкемелер менен шөлкемлер,  “Мәҳәлле жетилиги” ўәкиллериниң бир топары сыйлықланды.

– Журналистлер жақсы гәптиң қулы. Азғана марапаттың өзи бизлерге қаншама күш-қуўат береди. Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен өткерилген “Ҳүрмет-2025” – жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў мәресиминде азы-кем мийнетлеримизди баҳалап, «Белсенди журналист» номинациясы менен сыйлықлаўынан расы төбем көкке жетти. Усы илажды шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығымды билдиремен, – дейди Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист М.Қутлымуратов.

Дөретиўши кәсиплеслериме билдирген жыллы тилеклери, жақсы пикирлери ушын миннетдарман. Аўызбиршилигимизге көз тиймесин! Кирип киятырған жаңа жыл халқымыз ушын буннан да көп жетискенликлерге, табысларға бай жыл болсын.

Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги