Президент саўғалары балажанларға қуўаныш үлеседи

17

Жаңа жыл балалардың ең сүйикли байрамы. Әсиресе, ҳәр жылы өткерилетуғын “Президент аршасы” илажы балалардың жүрегинде умытылмас естеликлер қалдырады.

Усы байрам шеңберинде меҳирге мүтәж балаларға ғамхорлық көрсетиў мақсетинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир қатар жумысларды әмелге асырмақта. Усы жылы да дәстүрге муўапық, мәмлекетимиз бойлап балалар ушын Президент саўғалары таярланды. Олар орынлардағы Меҳрийбанлық ҳәм Мүриўбет үйлери тәрбияланыўшылары, “SOS O‘zbekiston bolalar mahallalari”, Нәрестелер үйлери, шаңарақлық балалар үйлери тәрбияланыўшылары, ата-ана қарамағынан айырылған балалар, сондай-ақ, елдиң тынышлығы жолында қайтыс болған ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң перзентлерине мөлшерленген.

Президент саўғалары қурамынан 24 түрдеги оқыў қураллары ҳәм 34 түрдеги мазалы затлар орын алған болып, олар балалардың билим алыўға болған қызығыўшылығын арттырыў, байрам кейпиятын және де көтериўге хызмет етеди. Ҳәзирги күнлерде республиканың барлық аймақларына саўғалар кәрўаны жетип бармақта. Мине, усындай қуўанышлы мәнзиллерден бири Ташкент ўәлаяты болды.

– Жаңа жыл байрамы ҳәр жылы өзиниң жарқын естеликлери ҳәм қызғын сезимлери менен ҳәммениң ядында қалады. Әсиресе, балалар бул байрамды асығып күтеди. Ҳәр жылы Президентимиз тәрепинен меҳирге мүтәж балалар ушын саўғалар тапсырылады. Быйыл да бул жақсы дәстүр даўам еттирилип, саўғалар балаларға жеткериледи. Бул баслама балаларға болған итибар ҳәм ғамқорлықтың және бир айқын үлгиси болып есапланады.

Жаңа жыл алдынан берилген Президент саўғалары болса балалардың қәлбинде қуўаныш, исеним ҳәм жыллы естеликлер оятады, – дейди Социаллық қорғаў миллий агентлиги Ташкент ўәлаяты басқармасының баслығы Миразиз Мирсултанов.

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАныӊ хабаршысы