Прокурор ҳәм жаслар ушырасыўы

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминовтың Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқаладағы жаслар ушын ашықтан-ашық сөйлесиў түринде “Прокурор ҳәм жаслар” ушырасыўы болып, бул илажға республиканың жуўапкер министрлик, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары және 300 ге шамалас жаслар тартылды.
Илажға усы аймақлардан прокурорлардың қәўендерлигине алынған жаслар толық қамтып алынды.
Жаслардың мүрәжатлары тийкарында, исбилерменлик ҳәм өндирислик жумысын жолға қойыўы ушын 22 жасқа жеңиллетилген кредит ажыратыў мәселеси орнында шешилген болса, 6 жасқа өзин-өзи бәнт етиўи ушын жумыс қураллары берилди, 6 жасқа жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўы ушын контракт пулларын төлеп берилиўине жәрдемлесиў белгиленди, 30 ға шамалас мүрәжатларды үйрениў ушын мүддет талап етилгени себепли, қадағалаўға алынды.
Илажда өз мийнет жолын нәтийжели шөлкемлестирген ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, машқалаларын шешиўде белсендилик көрсеткен бир қатар жаслар жетекшилери және Жәҳән ҳәм Азия жарысларының жеңимпазларына миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Сондай-ақ, жасларға бизнес жойбарларын дүзиў ҳәм әмелге асырыўға жәрдемлесиў мақсетинде, Саўда-санаат палатасы, коммерциялық банклер тәрепинен семинар шөлкемлестирилди, өнерментшилик пенен шуғылланыўшы жаслардың қол мийнети менен таярланған өнимлериниң көргизбеси, көркем гимнастика спорт түри бойынша дөгерек жумысы менен таныстырылды, жас гимнастикашыларға байрам саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги