Ерисилген нәтийжелер ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды

22

Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында “Үзликсиз кәсиплик раўажландырыў: жыл жуўмағы ҳәм нәтийжелери, келешек перспективалары” атамасында баспасөз конференциясы  болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы басшылары, кафедра, бөлим баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Баспасөз конференциясында 2025-жылы үзликсиз кәсиплик раўажланыў системасында әмелге асырылып атырған реформалар, ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Соның ишинде, педагог кадрлардың кәсиплик потенциалын арттырыў, заманагөй технологиялар тийкарында қәнигелик арттырыў процесслерин жетилистириў, санлы технологияларды енгизиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, баспасөз конференциясы даўамында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тәрепинен берилген сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги