Кейўаны аналар ҳәм белсенди ҳаял-қызлар менен ушырасыў болып өтти

20

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәҳәлле ҳәм аўыллардағы кейўаны аналар ҳәм белсенди ҳаяллар менен ушырасты.

Онда дәслеп, Президентимиздиң басшылығында тек ғана Қарақалпақстан ушын 2017-жылдан берли 78 пәрман ҳәм қарар қабыл етилип, ҳәзирги ўақытта 38 ҳүжжеттиң орынланыўы даўам етип атырғаны, соның менен бирге, усы ҳүжжетлер арқалы берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтилди. Ушырасыўда сондай-ақ, өткен қысқа ўақыт ишинде Қарақалпақстан тарийхы бетлеринде өзине тән орын алған әҳмийетли жаңалықлар, бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли ийгиликли жумыслар, алдағы ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.

Соны да айрықша айтыў керек, жақын қысқа ўақыт ишинде Қарақалпақстанда шын мәнисинде тарийхый ўақыялар жүз берди. Тек ғана Қарақалпақстан халқы, исбилерменлери, халықтың барлық категориялары ушын алдын болмаған жеңилликлер, көплеген имканиятлар жаратып берилди.

Усы тийкарда Жаңа Өзбекстан менен бирге Жаңа Қарақалпақстанды қурыў бойынша үлкен дөретиўшилик жумыслары даўам еттирилмекте.

Ушырасыўда мине, усындай ийгиликли илажлар кең түрде сөз етилди.

Ушырасыў даўамында бир топар белсенди ҳаяллар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында Жоқарғы Кеңестиң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги