Ҳәкимшилик суд ислерин алып барыў ҳаққындағы нызамшылық жетилистирилмекте

Бүгинги күни дүнья көлеминде глобалласыў процесслериниң күшейиўи ҳәр бир мәмлекет алдында, бәринен бурын, пуқаралардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы исенимли қорғаў, олардың нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәм абадан турмыс кешириўи ушын зәрүр шараятларды жаратыў ўазыйпасын әҳмийетли етип қоймақта. Бул болса, өз гезегинде, жәмийетте пуқаралардың ертеңги күнге болған исенимин беккемлеўди талап етеди.
Бул процессте ҳәкимшилик судлардың орны айрықша әҳмийетке ийе. Ҳәкимшилик судлардың тийкарғы ўазыйпасы пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларында нызам үстинлигин тәмийинлеў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўдан ибарат.
Усы ўазыйпалардың толық әмелге асырылыўы көпшилик жағдайда ҳәкимшилик суд ислерин алып барыўда қолланылатуғын процессуал мәжбүрлеў шаралары шеңбери менен тиккелей байланыслы. Усы мәнисте, ҳәкимшилик судлардың ҳуқықый тәсир шараларын еле де кеңейтиў арқалы мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң нәтийжели ҳәм исенимли қорғалыўын тәмийинлеў имканиятлары және де артады.
Әмелдеги нызамшылыққа бола, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суд ислерин алып барыў ҳаққындағы кодекси тийкарында ҳәкимшилик судлар тәрепинен суд жәриймалары, сондай-ақ, айрықша уйғарыў ҳәм хабарнама түринде процессуаллық тәсир шаралары қолланылып келинбекте. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексинде де суд жумысын тәмийинлеўге қаратылған бир қатар әҳмийетли нормалар белгиленген. Соның ишинде, усы Кодекстиң 180-статьясында судқа ҳүрметсизлик еткени, 181-статьясында болса судтың айрықша уйғарыўы (қарары) менен шаралар көрмегени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылған. Тартысларды шешиў процесинде бул категориядағы ҳуқықбузарлықлар анықланған жағдайда бундай ислер Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 245-статьясына муўапық жынаят ислери бойынша судлар, 245¹-статьясына муўапық экономикалық судлар ҳәм 245⁴-статьясына муўапық пуқаралық ислери бойынша судлар тәрепинен көрип шығылыўы белгиленген.
Енди бул тараўда жаңа басқыш басланбақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 30-январьдағы ПП-33-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик суд ислерин алып барыў ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў Концепциясында тартысларды шешиў процесинде анықланған ҳуқықбузарлықлар бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көриў ўәкиллигин ҳәкимшилик судларға да бериў нәзерде тутылған.
Соның менен бирге, Қарарда ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиўде қолланылатуғын процессуал мәжбүрлеў шараларының шеңберин анық белгилеў ҳәм оларды системалы түрде жетилистириў мәселелери де нәзерде тутылған. Бул болса ҳәкимшилик судлардың ҳуқықый тәсир имканиятларын және де кеңейтиўге хызмет етеди.
Жуўмақлап айтқанда, Мәмлекетимиз басшысының жоқарыдағы атап өтилген қарары тараўда избе-из әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың логикалық даўамы сыпатында елимизде ҳәкимшилик суд ислерин алып барыў ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириўдиң жаңа басқышын баслап берди. Алдынғы сырт ел тәжирийбесине муўапық ҳәкимшилик судлардың жумысына жаңа институт ҳәм механизмлердиң енгизилиўи мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң нәтийжели ҳәм исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге, нәтийжеде болса Өзбекстанның инвестициялық тартымлылығына ҳәм халықаралық майдандағы имиджиниң және де жоқарылаўына хызмет етеди.
Азат Иматов,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы,
юридика илимлери бойынша философия докторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги