Жаңа имарат энергетиклерге байрам саўғасы болды

17

Тахтакөпир районында районлық электр тәмийнаты кәрханасының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Илажда район ҳәкими Ж.Адилов, тараў жуўапкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Онда шығып сөйлеўшилер  «22-декабрь – Энергетиклер күни»  ҳәм Жаңа жыл байрамы қабатында заманагөй хызмет имаратының пайдаланыўға тапсырылғаны менен илаж қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, бул имараттың аймақ электр тәмийнаты системасын буннан былай да жетилистириўдеги әҳмийетин айрықша атап өтти.  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги 4889-санлы қарары тийкарында, бул объекттиң қурылысы ушын 5 млрд. 171 млн сум қаржы ажыратылған болып, қурылыс процесинде энергия үнемлеўши ҳәм заманагөй технологиялардан кеңнен пайдаланылды ҳәм имарат барлық заманагөй талапларға сай ҳалда қурылды.

Жаңа имарат электр тәмийнаты кәрханасы хызметкерлери ушын қолайлы мийнет шараятларын жаратыў менен бирге, тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм электр тәмийнаты системасының турақлы жумысын тәмийинлеўге тийкар болады.

Сондай-ақ, мәресимде  Тахтакөпир районлық электр тәмийнаты кәрханасы жәмәәтине жаңа хызмет автомашинасы да салтанатлы түрде тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы