Жаңа жыл – жаңа үй, жаңа үмитлер…

70

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы ПҚ-5216-санлы қарары тийкарында мәмлекетимизде ата-ана қарамағынан айырылған жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды еркин турмысқа таярлаў, мүнәсип шараятлар менен тәмийинлеў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усы қарар тийкарында Кегейли районында және бир ийгиликли ис әмелге асырылып, Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Кегейли гүзары» көшесинде жайласқан көп қабатлы үйлердиң биринен барлық шараятларға ийе жаңа 2 бөлмели квартираның гилти Бахтыгул Матжановаға Жаңа жыл байрамы алдынан Кегейли районы ҳәкими А.Камалов ҳәм районлық Инсан социаллық хызметлер орайы жуўапкерлериниң қатнасыўында салтанатлы түрде тапсырылды.

– Мине бүгин ҳүрметли Президентимиз Ш. Мирзиёевтиң елимиз  жасларына көрсетип атырған аталарша ғамқорлығының арқасында, бизлерге барлық қолайлылықларға ийе жаңа үй тапсырылмақта. Буның ушын Журтбасшымызға үлкен рахмет айтаман. Бүгинги қуўанышымды тил менен айтып жеткере алмайман. Қулласы, бул мен ушын өмиримдеги ең қуўанышлы күнлердиң бири болды, десем болады, – дейди Бахтыгул Матжанова.

Әлбетте, елимиз аймақларында исленип атырған бундай ийгиликли ислер елимизде инсан қәдири, әсиресе, жаслардың тәғдири мәмлекетлик сиясат дәрежесинде екенлигиниң айқын үлгиси болып есапланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы