Токиода өзбекстанлы ўатанласлар ҳәм стартап тийкаршылары менен ушырасыў өткерилди

Японияға сапар шеңберинде санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Японияда мәлимлеме технологиялары тараўында жумыс алып барып атырған ҳәм стартапларды раўажландырып атырған өзбекстанлы ўатанласлар менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында Өзбекстанның санлы экономикасын раўажландырыў, стартаплар ҳәм МТ-қәнигелер ушын бар имканиятлар, сондай-ақ, сырт елдеги өзбек диаспорасы менен бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелери додаланды.

Илажда санлы технологиялар министри мәмлекетте стартап экосистемасының ҳәзирги жағдайы ҳәм раўажланыў динамикасы, санлы реформалардың нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди.
Ушырасыўдың айрықша бөлими сырт елде жумыс алып барып атырған ўатанласларымыз ушын IT Park Uzbekistan тәрепинен жаратылған имканиятларға бағышланды.

Ушырасыўда Японияның жетекши халықаралық компаниялары ҳәм технологиялық жойбарларында ислеп атырған жигирмадан аслам өзбекстанлы қәнигелер ҳәм стартап тийкарын салыўшылар қатнасты. Олар Япония базарына кириў, инвестицияларды тартыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң әмелий бағдарлары бойынша пикир алысты.
Ушырасыў жуўмағында Японияда жумыс алып барып атырған өзбекстанлы қәнигелер соңғы жылларда Өзбекстан стартап экосистемасында бақланып атырған унамлы өзгерислер ҳәм технологиялық бизнести раўажландырыў ушын жаратылған шараятларды жоқары баҳалады.
Тәреплер еки мәмлекет арасындағы технологиялық ҳәм инновациялық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша анық бағдарларды белгилеп алды.
Н.Раҳманова, ӨзА