Мәҳәллелердеги әҳмийетли мәселелер нызамшылық басламалары тийкарында додаланды

52

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм ӨзЛиДеП Сиясий Кеңесиниң белсендилеринен ибарат исши топар Нөкис қаласы ҳәм Әмиўдәрья районларында болып, мәҳәлле “жетилиги” кесиминде аймақларда ушырасып атырған әҳмийетли машқалаларды үйрениў, орынларда алып барылып атырған реформалар менен жақыннан танысыў мақсетинде бир қатар ушырасыўлар өткерди.

Дәслеп депутатлар Өзбекстан Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында болды. Ушырасыў даўамында республикада мәҳәлле системасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, мәҳәллелердиң жумысын буннан былай да жетилистириўге қаратылған реформалар, сондай-ақ, нызамшылықтағы соңғы жаңалықлар додаланды. Мәҳәлле институтының халық пенен ислесиўдеги орны, мәҳәлле “жетилиги” жумысында ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Буннан соң исши топар Нөкис қаласында жайласқан “Наўқан бағ” мәкан пуқаралар жыйынында болды. Ол жерде мәҳәлледе әмелге асырылып атырған реформалар, халықты қыйнап атырған машқалалар ҳәм оларды шешиў бойынша усыныс ҳәм басламалар тыңланды.

Сондай-ақ, ушырасыўлар даўамында социаллық қорғаў мәселелери де көтерилди. Атап айтқанда, өзгелердиң күтимине мүтәж болған майыплығы болған шахсларды күтип атырған шаңарақ ағзаларына байланыслы машқалалар додаланды. Мәлим етилиўинше, әмелдеги тәртипке бола, бундай напақа тек ғана 18 жасқа шекемги балалар ушын төленип, кеселлиги өмирлик болған ҳәм 18 жастан асқан шахслардың күтими менен шуғылланып   атырған нызамлы ўәкиллер напақадан айырылып қалмақта. Халық ҳәм мәҳәлле белсендилери бул жағдайды қайта көрип шығыў, егер перзенттиң кеселлиги ержеткеннен кейин де даўам ететуғын болса, напақа төлемин сақлап қалыў бойынша қосымшалар киргизиў усынысын билдирди.

Буннан тысқары, көшпес мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериўге байланыслы мәселелер де халықты тәшўишке салып атырғаны атап өтилди. Пуқаралар белгиленген мүддетти өткерип жибергени ушын ири муғдарда жәрийма төлеўге мәжбүр болып атырғаны, айырым жағдайларда бул жағдай итибарсызлық ямаса ақылға уғрас себеплерге байланыслы екени атап өтилди. Сол себепли, егер пуқара ҳуқықбузарлық анықланған күннен баслап бир ай ишинде өз көшпес мүлкин мәмлекетлик дизимнен өткерсе, оны ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиўди нәзерде тутатуғын норманы нызамшылыққа киргизиў усынысы билдирилди. Бул болса халықтың финанслық жүгин жеңиллетиў ҳәм дизимнен өткериў процесслерин жеделлестириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сапар даўамында мәҳәлле баслығы Замира Айтбаеваның басламасы менен шөлкемлестирилген “Наўқан бағ” МПЖ аймағындағы музей жумысы менен де танысты. Бул “Қара үй” музейи 2025-жыл 30-август күни аймақ пидайыларының жәрдеминде шөлкемлестирилген болып, ол мәҳәллениң тарийхы, үрп-әдетлери ҳәм руўхый мийрасын қәстерлеп сақлаўға хызмет етпекте. Депутатлар бул басламаны халықтың белсендилиги ҳәм мәҳәлледеги социаллық-руўхый орталықты беккемлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем сыпатында баҳалады.

Ушырасыўлар жуўмағында депутатлар билдирилген машқала ҳәм усыныслар тийисли комитетлер ҳәм жуўапкер уйымлар менен биргеликте үйренилип, нызамшылық басламалары қәлиплестирилетуғынын мәлим етти. Депутатлық жумысының тийкарғы мақсети – халықтың машқалаларын орнында үйрениў, оларға ҳуқықый ҳәм әмелий шешим табыўдан ибарат.

                                                                   Қарақалпақстан хабар агентлиги