Өзбекстан қатаң экологиялық машқалаларға дусласпақта

Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетинде (“Green University”)” Экологиялық машқалалардың тәбиятқа тийкарланған шешимлери” атамасындағы III халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Илажда Өзбекстан климат өзгериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, биокөптүрлиликтиң жоқ болыўы, жерлердиң шорланыўы ҳәм атмосфера ҳаўасының патасланыўы сыяқлы әҳмийетли экологиялық машқалалар менен дус келип атырғаны атап өтилди. Бул машқалалар тек ғана қоршаған орталыққа емес, ал экономика, жәмийетшилик ҳәм халықтың саламатлығына да тиккелей тәсир етпекте.
Әнжуманды өткериўден гөзленген мақсет турақлы раўажланыў принциплери ҳәм алдынғы, экологиялық бағдарланған технологиялар тийкарында экологиялық реформаларды әмелге асырыўдың илимий-теориялық ҳәм әмелий тәреплерин додалаўдан ибарат.
Қәнигелердиң сөзлерине бола, 2025-жыл “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы” деп жәрияланғаны, сондай-ақ, тараў бойынша ўәкилликли уйымның Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетине айландырылғаны экологиялық реформаларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли қәдем болды.
Сондай-ақ, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында кең көлемли ўазыйпалар белгиленген болып, олардың қатарында көклемзарластырыў дәрежесин 30 процентке жеткериў, Аралбойы аймағында тоғайлар майданын 2,3 миллион гектарға шекем кеңейтиў, шөллениў, қурғақшылық ҳәм шаң-қум боранларына қарсы гүресиў мақсетинде 600 мың гектар майданда қорғаў тоғайлықларын жаратыў, айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақларды кеңейтиў, сондай-ақ, жасыл энергетика үлесин 54 процентке жеткериў сыяқлы ўазыйпалар бар. Буннан тысқары, Өзбекстан Париж келисими шеңберинде 2035-жылға шекем парник газлери шығындыларын 50 процентке қысқартыў миннетлемесин алған.
– Экологиялық ҳәм климат машқалалары шегара билмейди, – дейди Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов. – Машқалалар ҳәммени биргеликте ҳәрекет етиўге ийтермелейди. Усы көзқарастан, “Green University”де IUCN регионаллық ўәкилханасының ашылыўы халықаралық жәмийетшиликтиң Орайлық Азиядағы экологиялық машқалаларды илимий тийкарланған шешимлер арқалы шешиўде Өзбекстанның тутқан орнына болған жоқары исениминиң үлгиси болып есапланады. Буннан тысқары, университет тийкарында Қытай Илимлер академиясының Шинжон Экология ҳәм география институты менен биргеликте шөлкемлестирилген Орайлық Азия экологиялық изертлеў орайы регионаллық илимий изленислер ушын тийкарғы платформаға айланыўы күтилмекте.
Әнжуманның жалпы мәжилиси шеңберинде жергиликли ҳәм сырт ел жетекши экспертлериниң баянатлары тыңланды. Өзбекстанның бүгинги күндеги экологиялық ҳәм суў хожалығы машқалалары және климаттың өзгериўи шараятында оларды шешиў жоллары дыққат орайында болды. Айрықша баянат жасыл экономиканы қәлиплестириў мәселелери, оның раўажланыў логикасы ҳәм жасыл технологияларды енгизиўдиң инновациялық бағдарларына бағышланды.
Қәнигелердиң қатнасыўында суўсыз зоналарда суўды үнемлеўши технологиялардың суў ресурсларының жағдайы ҳәм аўыл хожалығы өнимдарлығына тәсири, заманагөй усыллар ҳәм қураллар жәрдеминде қалалардағы климатлық ҳәм тәбийғый қәўип-қәтерлерди басқарыў мәселелери, жерлерден пайдаланыўды баҳалаўда интеграцияласқан қатнаслар ҳәм дәрья бассейнлерин турақлы басқарыў стратегиялары додаланды.
Экологиялық шешимлер тараўында инновацияларды енгизиўди жеделлестириў бойынша халықаралық басламаларға, сондай-ақ, Термиз қаласы мысалында атмосфера ҳаўасын патасландырыўшы тийкарғы дәреклерди баҳалаў ҳәм ҳаўаның сапасын мониторинг етиў және басқарыў системаларын жетилистириў бойынша усынысларға айрықша итибар қаратылды.
ӨзА