Халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўға таярлық жумыслары додаланды

6

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 19-сентябрьдеги ПП-173-санлы Пәрманы тийкарында халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериўди шөлкемлестириў мәселесине арналған мәжилис болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ашты ҳәм басқарып барды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев қатнасып, дизимге алыў илажын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша ўазыйпаларға тоқтап өтти.Соның ишинде, халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын жоқары дәрежеде, белгиленген талап ҳәм өлшемлер тийкарында шөлкемлестириўге байланыслы мәселелерди аймақ басшылары менен биргеликте кең түрде додалады. Атап өтилгениндей, бул Пәрман мәмлекетимизде мәмлекетлик басқарыўды илимий тийкарда шөлкемлестириў, социаллық-экономикалық сиясатты анық ҳәм исенимли мағлыўматлар тийкарында белгилеўге хызмет ететуғын стратегиялық әҳмийетке ийе ҳүжжет болып есапланады. Пәрманға муўапық, 2026-жылдың 15-январынан 28-февралына шекем Өзбекстан Республикасы аймағында халық ҳәм аўыл хожалығын улыўма дизимге алыў илажы өткериледи. Бул мағлыўматлар халықтың реал талапларын анықлаў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик ресурсларды мәнзилли бөлистириўде тийкарғы өлшем болып хызмет етеди. Соның менен бирге, аўыл хожалығы тараўында жерлерди пайдаланыў жағдайы, егислик майданлардың қурамы, шарўа маллары ҳәм қуслардың саны, дийқан ҳәм фермер хожалықларының жумысы ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў көлемлери бойынша ҳақыйқый статистикалық мағлыўматлар қәлиплестириледи.

Буннан тысқары, 26 миллион гектар аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў жағдайын терең үйрениў, шарўа маллары ҳәм қуслардың санын анықлаў арқалы аўыл хожалығына бағдарланып атырған жыллық 25,6 триллион сум қаржы, соның ишинде, 2,2 триллион сум бюджет қаржыларының нәтийжели жумсалыўын баҳалаў имканияты жаратылады. Бул болса, тараўда хызметлер көлемин анықлаў, өним ислеп шығарыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын беккем аналитикалық тийкар болады.

Президентимиздиң Пәрманына тийкар, халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем еки басқышта әмелге асырылады. Биринши басқышта – 2026-жыл 15-31-январь күнлери пуқаралар “census.stat.uz” порталы арқалы OneID системасы жәрдеминде еркин түрде онлайн дизимнен өтеди.

Ал, екинши басқышта болса 2026-жыл 4-28-февраль күнлери “Мәҳәлле жетилиги” ағзалары тәрепинен үйме-үй жүрип, электрон планшетлер арқалы мағлыўматлар жыйналады.

Мәжилисте Әмиўдәрья районы ҳәм Нөкис қаласы жуўапкерлерине дизимге алыўға таярлық көриў бойынша белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў бойынша қатаң тапсырмалар берилди ҳәм әмелге асырылатуғын жумыслар сын көзқарастан додаланды. 2026-жыл 15-январь күни биринши гезекте барлық ҳәкимлер, министрлер, басқарма, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары және олардың орынбасарлары жеке өзлери  интернет арқалы OneID платформасынан дизимнен өтип, халық ҳәм аўыл хожалығын дизимнен өткергени ҳаққындағы гүўалықты алыўы керек екенлиги атап өтилди. Бул арқалы халық арасында жеке үлги көрсетиў ҳәм дизимге алыў илажына исенимди арттырыў мақсет етилген.

Сондай-ақ, мәжилисте 2025-жыл 26-декабрьге шекем халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын әмелге асырыў ушын жуўапкер хызметкерлер белгилениўи ҳәм олар ҳаққындағы мағлыўматлар – фамилиясы, аты, лаўазымы ҳәм телефон номерлери белгиленген тәртипте Республикалық штабқа усынылыўы керек екенлиги белгиленди.

Бул әҳмийетли илаждың белгиленген талапқа сай өткерилиўи келешекте мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша тийкарланған қарарлар қабыл етиўге беккем тийкар жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги