Жумыс нәтийжелери көрип шығылып, пикирлер тыңланды

24

“Инсан” социаллық хызметлер орайлары – бул халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына бир орында комплексли түрде хызмет көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилген болып, бул орайлар арқалы пуқаралар социаллық хызметлер, напақа ҳәм материаллық жәрдем, реабилитация бағдарламалары, бәнтлик, майыплығы болған шахслар ушын қоллап-қуўатлаў, психологиялық ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер сыяқлы көплеген хызметлерди алады.

Шөлкемлестирилгенине көп ўақыт болмаса да, бүгинги күнге шекем халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын анықлаў ҳәм дизимге алыў,   реабилитация, психологиялық ҳәм зәрүр социаллық жәрдем көрсетиў менен бирге социаллық хызметлер ушын арзаларды қабыл етиў ҳәм мониторингин жүргизиў бойынша жумыс алып барып атырған орай тәрепинен нәтийжели жумыслар әмелге асырылды.

Бүгин  Хожели районы ҳәкими Ж. Ермашев районлық “Инсан” социаллық хызметлер орайы хызметкерлери менен ашық сәўбет өткерди. Оған, “Инсан” социаллық хызметлер орайы районлық бөлими баслығы З.Хожамуратова, тараў хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Илажда шығып сөйлегенлер  ҳүрметли Президентимиздиң тараўға қаратып атырған итибарын айрықша атап өтип,  жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар менен бирге  хызметкерлердиң усыныс ҳәм пикирлери тыңланды.

Буннан соң, 28 мәҳәлледеги комплекс социаллық хызметлер көрсетиўши қәнигелердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўы ушын бәршесине заманагөй компьютер топламлары тапсырылды, соның менен бирге өзиниң пидайы мийнети ҳәм жуўапкершилиги менен ажыралып турған бир қатар тараў хызметкерлерине миннетдаршылық билдирилди. Бундай имканиятлар, хызметкерлер ушын жумысларды еледе жедел ҳәм сапалы әмелге асырыў, халықтың мүрәжатларын өз ўақтында көрип шығыў, социаллық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм ҳәр бир мүтәж шаңарақларға мәнзилли хызмет көрсетиўге тийкар жаратады.

                                         Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги