Жаңа үйлерде жаңа жыл нәпеси

23

Президентимиздиң басламасы менен Мойнақ районына Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендер етип белгилениўи, Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған реформалардың айқын үлгиси болып есапланады.

Усы тийкарда районда жәми 500 ге шамалас жайды жаңадан қурыў ҳәм оңлаў режелестирилди. Бүгинги күнге келип, бул жумыслар өз нәтийжесин берип, көплеген шаңарақларда жаңаланыў нәпеси сезилмекте.

Жаңа жыл босағасында Мойнақ районында және бир ийгиликли иске қол урылып, райондағы Арал мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Қ.Аллановтың шаңарағы ҳәм жалғыз жасаўшы Т.Қарлыбаев ушын жаңа турақ жайлар қурылып пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда район ҳәкими Б.Менглибеков, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги “Бирден-бир буйыртпашы хызмети” мәмлекетлик кәрханасы директорының экономикалық мәселелер бойынша орынбасары М.Тлеуов ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасып, жаңа турақ жай ийелерин қутлы қоныс менен қутлықлады.

Үй ийелери болса, жаңа жылды жаңа үйде, жаңа әрманлар менен күтип алып атырғанынан қуўанышлы. Олар мәмлекетимиз басшысына, алып барылып атырған инсаныйлық сиясатқа шын жүректен миннетдаршылық билдирип, жаңа жыл елимизге тынышлық, абаданлық ҳәм берекет алып келиўин тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги