Жоқары билимлендириў системасында коррупцияға қарсы қандай илажлар көрилмекте?

Төменги палатаның мәжилисинде жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шариповтың “Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы ҳәм тараўда коррупция факторларын сапластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында”ғы мәлимлемеси тыңланды.
Министр тәрепинен атап өтилгениндей, жоқары билимлендириў системасында коррупцияға қарсы гүресиў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. “Коррупциясыз тараў” жойбары тийкарында комплаенс қадағалаў системасы енгизилип, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, инсан факторын азайтыў мақсетинде “HEMIS”, diplom.edu.uz, vacancy.edu.uz сыяқлы мәлимлеме системалары иске қосылған. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде “Registrator ofis”лер шөлкемлестирилип, бул арқалы 30 дан аслам мәмлекетлик хызметлер “Бир айна” принципи тийкарында электрон түрде көрсетилиўи жолға қойылған.
Министрлик системасында “Situatsion markaz” арқалы аралықтан аудит ҳәм аймақларда профилактикалық қадағалаў илажлары әмелге асырылып, нәтийжеде 113,6 млрд. сумлық финанслық қәтеликлер ҳәм нәтийжесиз қәрежетлердиң алды алынған, 4,4 млрд. сумлық ҳуқықбузарлыққа байланыслы материаллар ҳуқық қорғаў уйымларына усынылған.

Министрдиң сөзлерине бола, педагог ҳәм студентлердиң ислеген коррупциялық жынаятлары талланған. Бас прокуратура менен биргеликте анық илажларды әмелге асырыў бойынша 2 жылға мөлшерленген “Жол картасы” ислеп шығылды.
Мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелерин лицензиялаў процесслериндеги талаплар 9 дан 5 ке түсирилди. Нәтийжеде мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 74 ке, олардағы студентлердиң саны болса 716 мыңға жетти.
Санластырыў процесслери тараўға кеңнен енгизилмекте. Нәтийжеде финанслық есап-санақларда коррупциялық факторлардың алды алынбақта, финанслық қәўипсизлик тәмийинленбекте. Финанслық процесслердиң жеделлиги 80 процентке арттырылды.
Додалаўларда ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда тараўда еле шешилиўи керек болған айырым мәселелер ҳәм белгили бир кемшиликлер сақланып қалып атырғаны атап өтилди. Бир қатар сораўлар ортаға тасланып, тийисли жуўаплар алынды. Атап айтқанда, студентлердиң жатақханаларға болған талабы бойынша депутатлардың сораўына жуўап бергенде министр студентлер турақ жайларында 2030-жылға шекем 150 мың орын жаратылыўы белгиленгенин айтып өтти. Ҳәзирги ўақытта 50 проценттен аслам жаслардың жатақханаға болған талабы қанаатландырылған. Министр және 3 жылдан кейин студентлер турақ жайына болған талап жүз процент қанаатландырылатуғынын мәлим етти.
Министр тыңлаўы даўамында жоқары билимлендириў системасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға маўасасыз орталықты қәлиплестириў, жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў “HEMIS” платформасын кең көлемде ҳәм нәтийжели енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Бир қатар усыныслар берилди.
Мәжилисте жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА