Техникалық тәртипке салыў агентлиги халықаралық майданда белсендилигин күшейтпекте

Усы жыл даўамында Техникалық тәртипке салыў агентлиги халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратты. Нәтийжеде бир қатар сырт мәмлекетлер ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлер менен өз-ара пайдалы байланыслар жаңа басқышқа көтерилди.
Атап айтқанда, АҚШ, Германия, Малайзия, Словения, Словакия, Франция ҳәм Қытай мәмлекетлери менен, сондай-ақ, Германияның PTB, Корея Республикасының KOICA, KATS, KIAT, KATRI, KOTITI, Түркияның TIKA, Қытайдың SAMR, SAC, CTC, CCIC, HENAN сыяқлы абырайлы шөлкемлери менен бирге ислесиў қатнасықлары жолға қойылды.
Соның менен бирге, Халықаралық саўда орайы (ITC), ISO, IEC, IQNet, SMIIC сыяқлы жетекши халықаралық структуралар менен бирге ислесиў және де беккемленди.
Малайзия, Словения, Словакия, Чехия, Иран, Иордания ҳәм Қытай менен жоқары дәрежедеги сапар етиўлер шеңберинде, сондай-ақ, Германия, Корея Республикасы, Испания ҳәм Швейцария қатнасыўында өткерилген халықаралық илажларда бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.
Саўдадағы техникалық тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде ЖСШға ағза болған 14 мәмлекеттиң Өзбекстандағы елшилери менен ушырасыўлар өткерилип, бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Әҳмийетли жетискенликлерден бири сыпатында, “Өзбекстан илимий-сынақ ҳәм сапа қадағалаў орайы” IQNet халықаралық сертификатлаў тармағына ағза болды. Сондай-ақ, Өзбекстан стандартлар институты IECEE системасының рәсмий ағзасы сыпатында қабыл етилди.
“Ҳалал” миллий сертификатлаў уйымы шөлкемлестирилип, халықаралық аккредитациядан өтти. Биринши мәрте Ташкент қаласында SMIIC Бас Ассамблеясының өткерилиўи мәмлекеттиң абырайын және де арттырды.
Буннан тысқары, IEC, ISO, IQNet, ШҲТ, MGS ҳәм BIPM шөлкемлери Бас Ассамблея мәжилислеринде қатнасты. “Өзтест” лабораторияларының жумысын жетилистириў бойынша халықаралық жуўмақлар алынды, жергиликли кәрханалардың өнимлери халықаралық сынақтан өткерилди.
Сондай-ақ, “Өним ҳәм хызметлер сапасы тараўында ерискен жетискенликлери ушын ҒМДА сыйлығы” таңлаўында Өзбекстан атынан 6 кәрхана қатнасыўы ушын тийисли ҳүжжетлер усыныс етилди.
Ш.Маматуропова,
ӨзА