Өзбекстан 2025-жылы қайсы мәмлекетлер менен дипломатиялық байланыслар орнатқан?

Быйыл елимиздиң сыртқы сиясатында дипломатиялық қатнасықлар географиясы сезилерли дәрежеде кеңейген жыл сыпатында көзге тасланбақта.
Рәсмий мағлыўматларға бола, жыл даўамында мәмлекетимиз Африка, Океания ҳәм де Кариб бассейнине тийисли 8 мәмлекет пенен дипломатиялық қатнасықлар орнатылды.
Атап айтқанда, Африка материгинде жайласқан Сомали Федеративлик Республикасы (22-февраль), Мозамбик Республикасы (21-июнь), Эритрея (10-июль), Кот-д‘Ивуар Республикасы (29-сентябрь) ҳәм Кения (20-сентябрь) менен дипломатиялық қатнасықлар жолға қойылды. Бул қәдемлер елимиздиң Африка мәмлекетлери менен сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди басқышпа-басқыш раўажландырыўға қаратылған сыртқы сиясат стратегиясы избе-из әмелге асырылып атырғанын тастыйықлайды.
Океания регионында жайласқан Науру Республикасы (20-март) ҳәм Палау (26-сентябрь) менен дипломатиялық байланыслардың орнатылыўы да елимиз сыртқы сиясатының географиялық шеңбери кеңейип атырғанынан дерек береди. Географиялық жақтан узақ болған бул мәмлекетлер менен қатнасықлар халықаралық шөлкемлер, әсиресе, БМШ шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыў ушын айрықша әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, Сент-Люсия (10-сентябрь) менен дипломатиялық қатнасықлардың орнатылыўы Өзбекстанның Кариб бассейни ҳәм Америка регионларына шығыўын және де беккемледи. Бундай қатнасықлар халықаралық майданда сиясий сөйлесиўди кеңейтиў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў имканиятларын арттырыўға хызмет етеди.
Экспертлердиң пикиринше, бул мәмлекетлер менен дипломатиялық қатнасықлардың орнатылыўы сыртқы экономикалық байланысларды диверсификациялаў, жаңа базарларға шығыў ҳәм халықаралық майданда Жаңа Өзбекстанның абырайын арттырыўға тийкар жаратады.
Дилшод ҲАКИМОВ,
ӨзАның хабаршысы