Өзбекстан – БМШ: миллий реформалар ҳәм глобаллық мақсетлер үнлеслиги

10

Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми арасындағы бирге ислесиў кейинги жылларда мазмуны жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Мәмлекетимиз глобаллық ҳәм регионаллық турақлылық, инсан ҳуқықлары, турақлы раўажланыў, социаллық қорғаў ҳәм экологиялық қәўипсизлик тараўларында БМШ менен тығыз бирге ислесиўди избе-из раўажландырып келмекте. Қатнасықлар халықаралық ҳуқық нормалары, өз-ара ҳүрмет ҳәм ашық-айдын сөйлесиў принциплерине тийкарланып, миллий реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм глобаллық мақсетлерге ерисиўге хызмет етпекте.

Бизге белгили, усы жылдың 28-октябрь күни пайтахтымыздағы Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде Өзбекстан ҳәм БМШ арасында 2026-2030-жылларға мөлшерленген жаңа Шеңберлик бағдарламаға рәсмий түрде қол қойылды. Илаж БМШ шөлкемлестирилгениниң 80 жыллығы мүнәсибети менен өткерилип, онда мәмлекетлик уйымлар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жоқары дәрежедеги ўәкиллери қатнасты. Жаңа бағдарлама БМШ системасына кириўши 25 агентлик ҳәм қордың жумысын бирлестирип, 2026-2030-жылларда Өзбекстанның миллий раўажланыў мақсетлерин қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди. Әсиресе, онда “Жол картасы” мәмлекет раўажланыўының ең әҳмийетли бағдарларын қамтып алады. Бул ҳүжжетте белгиленген алты тийкарғы бағдар инсан мәплери, жәмийет турақлылығы ҳәм мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

Эффектив басқарыў ҳәм әдиллик системасы

Бул бағдар мәмлекетлик басқарыўды және де ашық-айдын ҳәм есап бериўши етиўди нәзерде тутады. Онда пуқаралардың қарар қабыл етиў процесслериндеги қатнасы, мәмлекетлик хызметлердиң сапасы ҳәм суд-ҳуқық системасының нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылады. Бирге ислесиў шеңберинде нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў, коррупцияға қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириўге қаратылған реформалар қоллап-қуўатланады. Бул болса пуқаралардың мәмлекетке болған исенимин және де беккемлеўге хызмет етеди.

Мийнет ҳәм социаллық қорғаў

Бул тийкарғы бағдар халықтың мүнәсип мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қорғаў системасын күшейтиўди өз ишине алады. Әсиресе, жаслар, ҳаял-қызлар, майыплығы болған шахслар ҳәм әззи социаллық топарлар ушын турақлы жумыс орынларын жаратыўға итибар қаратылады. Социаллық напақалар ҳәм жәрдем системасын мәнзилли етиў, мийнет базарына сай кәсиплик таярлаў бағдарламаларын да усы бағдардың әҳмийетли ўазыйпаларынан болып есапланады.

Денсаўлықты сақлаў ҳәм абаданлық

Денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў халықтың саламатлығын жақсылаў, медициналық хызметлердиң сапасын ҳәм қамтып алыўын кеңейтиўге қаратылған. Онда басланғыш медициналық жәрдемди күшейтиў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, жуқпалы ҳәм созылмалы кеселликлердиң алдын алыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген. Сондай-ақ, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў арқалы жәмийеттиң абаданлығын арттырыў нәзерде тутылған.

Инклюзив ҳәм теӊ билимлендириў

Бул бағдар ҳәр бир пуқараның сапалы билим алыў ҳуқықын тәмийинлеўге хызмет етеди. Мектепке шекемги билимлендириўден баслап жоқары билимлендириўге шекемги барлық басқышларда билимлендириўдиң сапасын арттырыў, санлы ҳәм заманагөй көнликпелерди раўажландырыў әҳмийетли ўазыйпалар қатарына киреди. Соның менен бирге, аўыллық аймақларда билимлендириў имканиятларын кеңейтиў, қызлар ҳәм имканияты шекленген шахслар ушын тең шараят жаратыў да тийкарғы мақсетлерден бири болып есапланады.

Климат ҳәрекети ҳәм қоршаған орталық турақлылығы

Климат өзгериўи шараятында бул бағдар экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе. Бағдарлама шеңберинде тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, ҳаўа ҳәм суў патасланыўын азайтыў, қайта тиклениўши энергия дереклерин раўажландырыў илажлары нәзерде тутылған. Сондай-ақ, климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерине бейимлесиў ҳәм халықтың экологиялық санасын арттырыўға қаратылған басламалар қоллап-қуўатланады.

Аралбойы регионының комплексли раўажланыўы

Аралбойы мәселеси бағдарламаның ең әҳмийетли ҳәм айрықша бағдарларынан бири болып есапланады. Бул аймақта экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыў менен бирге, халықтың жасаў шараятын жақсылаўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылады. Суў тәмийнатын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў хызметлерин раўажландырыў арқалы регионды турақлы социаллық-экономикалық раўажланыў жолына алып шығыў мақсет етилген.

Бул бағдарлар Өзбекстанның “Турақлы раўажланыў мақсетлери – 2030” миллий стратегиясы менен терең байланысқан болып, мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыў режелери менен үйлестириледи. Бул бағдарлама мәмлекет, жәмийетшилик, пуқаралық жәмийети ҳәм халықаралық шериклердиң үнлес жумысын тәмийинлейди.

БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы Сабине Малдиң атап өтиўинше, бағдарлама инсанды раўажланыў орайына қояды. Яғный, мәмлекеттеги ҳәр бир халықтың жәмийетте белсене қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм бул процесслерде әззи ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж топарларды мониторинг етиўге айрықша итибар қаратылады.

Соның менен бирге, бағдарлама кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм тең имканиятлар жаратыўға да қаратылған болып, бул социаллық әдилликти күшейтиў ҳәм барлық пуқаралар ушын ҳақыйқый имканиятлар жаратыў ушын әҳмийетли басқыш сыпатында баҳаланбақта.

Өзбекстанда 2030-жылға шекем әмелге асырылыўы режелестирилген турақлы раўажланыў мақсетлери миллий дәрежеде 16 мақсет ҳәм 125 ўазыйпа менен белгиленген. Бул ўазыйпалар денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, социаллық абаданлық, инфраструктура ҳәм экономикалық өсиўди өз ишине алады.

БМШтың жаңа бағдарламасы тек ғана улыўма глобаллық стратегия менен үнлес емес, ал жергиликли шараят ҳәм халықтың талапларына анық жуўап беретуғын бағдарлар менен байытылғанын айрықша атап өтиў керек. Бул бирге ислесиў механизми мәмлекеттиң руўхый ҳәм социаллық жақтан турақлы раўажланыўына хызмет етеди. Бул бағдарламаның қабыл етилиўи БМШ пенен Өзбекстан арасындағы избе-из ҳәм нәтийжели бирге ислесиўдиң даўамлылығын көрсетеди.

Дилшод ҲАКИМОВ,

ӨзАның хабаршысы