Той-мәресимлерди ықшамластырыў әҳмийетли мәселе

2

Қараөзек районында салтанатлы тойлар ҳәм басқа да шаңарақлық мәресимлерди ықшамластырыўға, оларды миллий қәдириятларымызға сай, артықша дәбдебесиз ҳәм ысырапгершиликке жол қоймастан өткериўге қаратылған үгит-нәсият илажы шөлкемлестирилди.

Онда район ҳәкиминиң орынбасары И.Қосыбаев, «Нураний» қоры районлық бөлими баслығы М.Гүлимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, той-мерекелер, ҳәр қыйлы шаңарақлық мәресимлерде артықша ысырапгершиликке жол қоймаў, мәресимлерди тәртипли ҳәм ықшам түрде өткериў мәселелери бойынша бүгинги күни ислениўи тийис мәселелер ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Илажда мәҳәлле жетилиги ўәкиллери, көше бийлери, ҳаял-қызлар белсендилери, нураныйлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери белсене қатнасып, ортаға қойылған мәселе бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Өткерилген ушырасыўда илаж қатнасыўшыларына соңғы жыллары елимизде дәбдебели той-мәресимлер себепли шаңарақларда жүз берип атырған кеўилсизликлер ҳәм олардың аянышлы ақыбетлери ҳаққында тийисли тараў қәнигелери тәрепинен кең түрде түсиник жүргизилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги