Президенттиң жаңа пәрманы қабыл етилди

Капитал базарда инвестиция орталығы жақсыланады.
“Капитал базарда инвестиция орталығын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманы (ПП-254-санлы, 18.12.2025 ж.) қабыл етилди.
2030-жылға шекем усы пәрманның тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:
– заманагөй финанслық инструментлерди енгизиў арқалы фонд базарына 1 миллиард АҚШ доллары, соның ишинде, 5 триллион сумлық корпоратив облигациялар шығарылыўы есабынан қосымша инвестицияларды тартыўға ерисиў;
– капитал базары қатнасыўшыларының инвестицияларының қәўипсизлигин кепиллеўши механизмлерди енгизиў есабынан сапластырылатуғын ҳуқықбузарлықлар үлесин 85 проценттен арттырыў.
Пәрманға бола, 2023-жыл 2-сентябрьдеги ПҚ-291-санлы қарарға муўапық капитал базарында енгизилген “Тәртипке салыў қумтүбеги” арнаўлы ҳуқықый режими шекленбеген мүддетке әмел етеди.
Капитал базарда Тәртипке салыў қумтүбеги шеңберинде төмендеги ҳуқықлар бериледи, соның ишинде:
– Өзбекстанның резидентлери болған юридикалық тәреплер тәрепинен Тәртипке салыў қумтүбегиниң қатнасыўшысы статусын алыў;
– сырт елли қатнасыўшыларға, Өзбекстан резидентлери болған юридикалық тәреплерге, соның ишинде, инвестиция фондларына олар тәрепинен шығарылған ҳәм оларға тийисли болған баҳалы қағазларға кастодиал ҳәм номинал сақлаў хызметлерин көрсетиў;
– эмитентлерге нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайларда өз капиталы муғдарынан артық болған корпоратив облигацияларды тәмийнатсыз шығарыў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги