НМПИде дослық фестивалы болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Анық пәнлер факультетинде жаслар арасында дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мәдений көп түрлиликти еле де беккемлеў, студентлер арасында аўызбиршилик ҳәм кеңпейилликти үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Өзбекстан – улыўма үйимиз!» сүрени астында «Биз – бир шаңарақ перзентлеримиз» атамасында миллетлер аралық татыўлық ҳәм дослық фестивалы шөлкемлестирилди.
Илажға Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Б.Султанов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Дин ислери бойынша бас қәнигеси Ҳ.Ибрагимова, «Нураный» қоры Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы К.Қәлендеров, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов, белгили өнерментлер, профессор-оқытыўшылар, тюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Фестивальда институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде миллетлер аралық татыўлық, өз-ара аўызбиршилик, дослық қатнасықлары жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе бағдарлардың бири екенлиги атап өтилди.









Илаж шеңберинде елимизде миллетлер аралық дослық ҳәм аўызбиршилик идеяларын кең ен жайдырыўда айрықша белсендилик көрсетип киятырған институттың биринши проректоры Қувондиқ Қодиров ҳәм Анық пәнлер факультети деканының орынбасары Халмурат Есемуратовлар ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
«Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студент-жаслардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына көтериңки кейпият инәм етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги