Қәтеден қорқыў – ең үлкен қәте

2

Инсан бар екен, табысқа умтылып жасайды. Бирақ оған ҳәр ким де ерисе алмайды. Ерискенлер болса ерк-ықрарынан ҳәм жақынларының исениминен кеўли тоқ. Ашынарлысы сонда, саламат емес шаңарақлық тәрбия ҳәм орталық себепли көплеген инсанлар өз потенциалын жүзеге шығара алмайды.

Көпшилик раўажланған мәмлекетлер менталитетине қарағанда, еркинлик ҳәм еркин пикир биринши дәрежеге қойылады. Яғный, ҳәр қандай адамға қәте ислеў имканияты бериледи. Бизиң менталитетимизде болса перзентлер нәрестелигинен қәтелеспеў басымы менен тәрбияланады. Ақыбетинде оның ишки тилеклерин толық жүзеге шығарыўға жол қойылмайды. Нәтийжеде ол өзи ушын қолайсыз турмыс тәризине, сүймеген кәсибине көнлигиўге мәжбүр болады. Бул болса оның ҳақыйқый потенциалының өлиўине алып келиўи менен бирге, ерисиўи мүмкин болған жетискенликлерине де тосқынлық етеди.

– Гейде бизге маман кадрлар жетиспейди деген гәп еситиледи. Мен бул пикирге қосылмайман. Кадрларда ҳеш қандай айып жоқ, ал ҳәмме айып өз арзыў-нийетлери ушын оларды қурбан еткен ата-аналарында ҳәмме айып деп билемен. Себеби, ҳәр ким өз тараўын сүйсе, оннан ҳеш қашан жаман қәниге шықпайды, – дейди исбилермен ҳәм оқытыўшы Ҳамза Мирзаев.

Ҳақыйқатында да, тек қәтелесиўден қорықпағанлар ғана табысқа ериседи. Бунда исленген қәтелерден дурыс жуўмақ шығарыў әҳмийетли. Тийкарында ең үлкен қәте – қәте ислеўден қорқыў. Соның ушын перзент тәрбиясында оларға қәте ислеў имканиятын берейик. Себеби, олар ғана адамды камалға жеткереди.

Шербек Исломов,

ӨзА