Тараў пидайылары сыйлықланды

Ерте бәҳәрден атыз майданларына шығып жазы менен мийнетин шегип, гүзги қырманның бәлент болыўы ушын ат салысатуғын аўыл хожалығы хызметкерлериниң мийнетлери ҳәр қашан да мақтаўға ылайықлы. Ҳүрметли Президентимиздиң итибары менен ҳәр жылы декабрь айында аўыл хожалығы хызметкерлери күни белгилениўи дәстүрге айланып, олардың мийнетлери ылайықлы баҳаланып келинбекте. Бул байрам күни кеше республикамызда жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен болып өтти.
Тақыятас районында да аўыл ҳәм суў хожалығы тараўы басшылары, фермер ҳәм дийқан хожалықлары басшыларының қатнасыўында “Аўыл хожалығы хызметкерлери күни” мүнәсибети менен илаж болып өтти.
Илажға Тақыятас районы ҳәкими К.Айтбаев, Фермерлер кеңесиниң баслығы С.Бекбергенов ҳәм тараў хызметкерлери қатнасты.
Онда аўыл хожалығы хызметкерлериниң машақатлы мийнети арқасында қыйын сынақлар ҳәм климат шараятларына қарамастан, жоқары нәтийжелерге ерисилгени кең түрде атап өтилди.

Сәне мүнәсибети менен тараўда пидайылық үлгисин көрсетип киятырған 6 фермер хожалығы басшыларына “Илғор фермер” көкирек белгилери тапсырылып, аўыл хожалығы хызметкерлерине миннетдаршылық билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги