Жәҳән чемпионатында үш қызымыз жеңимпаз болды

9

Россия федерациясының Қазан қаласында спорттың Белбеўли гүрес түринен жаслар арасында Жәҳән чемпионаты болып өтти.

Дүньяның отыздан аслам мәмлекетлеринен палўанлар қатнасқан бул чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы спортшылары 6 алтын, 6 гүмис ҳәм 24 қола медалын жеңип алып, улыўма командалық есапта екинши орынға ылайық деп табылды.

Атап айтқанда, сайланды команда қурамында қатнасқан республикамыз палўанларынан 52 кг салмақ категориясында Шаҳло Қалмуратова, 66 кг да Севара Шаженовалар алтын, 52 кг да Барно Қалмуратова гүмис медаль ийесине айланды.

Жас спортшыларды бул жарысқа Қайнарбек Сариев, Бөкенбай ҳәм Есет Садўақасовлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы