Көз жумып болмайтуғын иллет

12

Ақ ҳәм қара ҳәмийше қапталласып жасағаны сыяқлы әтирапымызда түрли-түрли адамлар жасайды. Бирақ айырым иллетли адамлар бар, олардың қылмысына көз жумып болмайды. Олар биреўдиң ҳаққына көз тигиўшилер.

Ҳәр бир инсанда өзине жараса кемшилиги болады. Биреў ынжық, биреў ашыўшақ ҳәм т.б. Бирақ булар адамның өзине онша байланыслы болмаған инсаныйлық қәсийетлер. Бирақ, жоқарыда атап өткенимиз өзгениң малына көз тигиўшилерди болса ақлап болмайды.

–  Базыда дүканнан өз танысының пулынан саўда ислеп, соң үндемей кеткенлерге көзим түседи. Егер ҳәзирги ўақытта төлеў имканияты жоқ десе, түсинемен. Бирақ бундайлардың мақсети көпшилик жағдайда сол танысының пулын қайтармаў болады, – дейди Ҳумойинжон Норматов.

Көринип турғанындай, бундай иллетлер ҳәр кимниң алдынан шығыўы мүмкин. Буған қарсы гүресиў әлбетте шаңарақтан басланыўы мақсетке муўапық.

“Өзгениң малына нәзер таслаған өзине зыян жеткереди”, дейди уллы илимпазларымыздан бири Ҳаким Термизий.

Жуўмақлап айтқанда, бундай надурыслық бизиң миллий қәдириятымызға да, исенимимизге де тән емес. Буған муқаддес китапларымызда да айрықша итибар берилген. Бизге арзымайтуғын болып көринген бундай иллетлер миллетимиздиң келешектеги раўажланыўына тосқынлық болыўы мүмкинлигин сезиниў керек. Себеби, қәлеген мәмлекет ҳаққында онда жасап атырған халықлар мәденияты ҳәм руўхыйлығы арқалы баҳа бериледи. Солай екен, өзимизге ҳәм әтирапымызға бийпәрўа болмайық.

 

Шербек Исламов,

ӨзА