Илимсизлик азабы

8

Турмыс сабақлары

Жаздың ыссы күнлериниң биринде қатты самал есип, жайдыӊ төбесиндеги антеннаны қулатып жиберди, шақалары сынып ҳәр жаққа шашылып кетти. Ақыбетинде-телевизорым көрсетпей қалды. Дәслеп бул әпиўайы жумыс ғой, өзим еплеймен деп ойлап дүкәннан жаңа антенна алып келдим. Әттең, алжасқан екенмен, еплеп антеннаны орнына орнатсам да, телевизор қурғыр көзин ашпады.

Ол жағын, бул жағын бурадым, сымларды қайта-қайта жалғадым, ҳәтте қоңсылар айтқан “усылларды” да сынап көрдим. Жайдыӊ төбесине минип-түсип диңкем қурыды. Сол ўақытта әпиўайы бир антеннаны орнатыў ушын да белгили бир билим керек екенлигин түсине басладым. Илимсизлик қанша ўақтымды ҳәм нервлеримди, қаржымды ысырап етип атырғанын түсиндим. Ең баслысы, қашан қәте жибергенимди де билдим.

…Мен бул қәтени ҳәзир емес, көп жыллар алдын – орта мектепти питкерген ўақытларымда ислегенмен. Сол ўақытта әўметим келмей, биринши урыныўда жоқары оқыў орнына кире алмағанман. Сәтсизлик дәртинен дүнья көзиме тар болып қалған ўақытларда әкем қолыма төрт-бес сум пул берип, район орайында телевизор усталарын таярлаў курсы бар екенлигин ҳәм соған барып оқыўымды усыныс етти.

– Улым, жигитке қырқ өнер аз. Ҳәзир кишисин үйренип ал, ўақты келип үлкенин де үйренесен,- деди мийрим менен.

Айтылған жерге барып дизимнен өттим. Сабақлар кеште – жумыстан кейин болады екен. Оқыўға қызығыўшылық пенен киристик, бирақ сабақтан кейинги қыйыншылықты жеңиўге шамам келмеди. Себеби ҳәр күни ярым ақшамда 6-7 шақырым пияда жүрип, үйге қайтыўға туўра келетуғын еди. Бул мен ушын азап еди – тек бир ҳәпте ғана шыдадым. Әттең, сонда бул азап ўақтыншалық екенлигин, мәңгилик емеслигин билмегенмен…

Қулласы, уста шақырыўға туўра келди. Ол антеннаны көзден өткерип, жайласыўы надурыс екенин, бағыты ҳәм бийиклиги әҳмийетли екенин, санлы телевизорлар мине усындай ынжық болатуғынын түсиндирди. Телевизор тынық реңлерде көрсете баслағанда мениң кеўлимде ашынарлы бир сезим туўылды: егер бул жумыстың илимин билгенимде, буншелли әўерегершилик болмас еди…

Сонда аңладым, илим инсанды азаптан қутқаратуғын нур екен. Әлбетте, илим алыў аңсат ис емес: оқыў керек, сораў керек, үйрениў керек. Бирақ бул қыйыншылықлар өтип кетеди. Билмеслик болса инсанды майда машқалалар алдында да әззи етип қояды. Илимсизлик тек үлкен турмыслық мәселелерде ғана емес, күнделикли турмыста да қыйыншылық туўдырады екен. Ең ашынарлысы, инсанды басқаларға ғәрезли етип қояды екен.

Жуўмақлап айтқанда, қайсы тараўда болмасын, керекли билимлерге ийе болыў инсанды артықша тәшўишлерден сақлайды. Егер ол ҳәр сапары усындай майда ислерде де басқаларға мүтәж болып қала берсе, бул азап өмир бойы даўам ете береди. Соның ушын инсан өз үстинде ислеўи, бәрқулла билимлерин арттырып барыўы зәрүр. Илимсизлик азап, илим болса рәҳәт ҳәм тынышлық дереги. Демек, данышпанлар: “Илим алыў азабы ўақтыншалық, илимсизлик азабы өмирлик”, деп бийкарға айтпаған.

Норбоба Шакаров, ӨзА