Кадастр агентлиги: жерден нызамсыз пайдаланыўға болмайды

5

Усы жылдың өткен 11 айы даўамында 337,4 гектар жер өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, деп хабар бермекте Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Атап айтқанда, кадастр агентлиги тәрепинен өткен 2025-жылдың 11 айы  даўамында 3358 жағдайда 351,2 гектарлық жер орынлары өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланды.

Соннан, 2358 мың жағдайда (196,4 гектар) жер майданы сапластырылып, 1153 жағдайда (126,05 гектар) жер майданын мәмлекетлик жер қорына қайтарыў мақсетинде Судларға даўа арзалары киргизилди.

Қалған 71 жағдайда (5,8 гектар) жер майданлары ҳуқықбузарлардың ҳәрекетинде жынаят белгилери болғаны ушын қоспа тәртипке тийкарланып, Прокуратура уйымларына тийисли ҳүжжетлери жиберилди.

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы  пуқараларды ҳәм жерден пайдаланыўшыларды жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп, нызамсыз қурылысларды әмелге асырыў ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болатуғынлығын ескертеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги