Японияға тарийхый сапардың биринши күни нәтийжели сөйлесиўлерге бай болды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Санаэ Такаичидиң мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болып тур.
Мәмлекетимиз басшысы 19-декабрь күни “Орайлық Азия + Япония” сөйлесиўи мәмлекет басшыларының биринши саммити шеңберинде Япония Императоры Нарухито, Парламент басшылығы, ҳүкимет ағзалары ҳәм жетекши компаниялар, финанс институтлары және бизнес ассоциацияларының басшылары менен ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерди.
Президентимиз Японияға рәсмий сапарын Император Нарухито менен ушырасыўдан баслады.
Япония Императоры мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлап, Өзбекстан Президентиниң бул ретки сапары Өзбекстан – Япония дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў жолындағы әҳмийетли ўақыя екенин атап өтти.
Мәмлекетимиз жетекшиси Император Нарухитоға терең ҳүрмет-иззетин билдирип, Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын реформаларды избе-из қоллап-қуўатлап атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Өзбек ҳәм япон халықлары географиялық жақтан бир-биринен узақ болыўына қарамастан, оларды менталитетлер, үрп-әдетлер ҳәм шаңарақлық қәдириятлардың уқсаслығы, сондай-ақ, тамырлары Уллы жипек жолы дәўирине барып тақалатуғын көп әсирлик тарийхый байланыслар байланыстырып турғаны атап өтилди.
Еки тәреплеме бирге ислесиў, әсиресе, билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў және мәдений-гуманитарлық алмасыўлар тараўында избе-из кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бүгинги күнге шекем 3 мыңнан аслам өзбекстанлы қәнигелер Японияда әмелият өтейди, 440 тан асламы болса стипендия тийкарында жоқары мағлыўматқа ийе болды. Өзбекстандағы 7 университетте япон тили оқытылмақта.
Усы сапар етиў шеңберинде Токиода Өзбекстан мәденияты күнлери табыслы өткерилди. Келеси жылы Японияның бир неше қалаларында Өзбекстан мәденияты ҳәм тарийхына бағышланған археологиялық көргизбе шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Император Нарухитоға Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўди усыныс етти.
Япония парламентиниң Мәсләҳәтшилер палатасының президенти Масаказу Секигучи менен ушырасыўда Өзбекстан менен Япония арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўда парламентлер әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди. Мәсләҳәтшилер палатасының ўәкиллери усы жылдың апрель айында Ташкентте болып өткен Парламентлераралық аўқамның 150 жыллығына бағышланған сессияда белсене қатнасты.
Жаслардың парламентке байланыслы басламаларын қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, Өзбекстан – Япония жаслар парламентлери ағзаларының форумын өткериў ҳәм 2026-жылы Самарқандта болып өтетуғын Жаслар парламентлери ағзаларының глобаллық конференциясында Япония делегациясының қатнасыўына айрықша итибар қаратылды.
Парламентлер жоқары дәрежеде ерисилген, бәринен бурын, саўда-экономикалық, финанслық, инвестициялық, технологиялық ҳәм мәдений бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисимлерди әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Япония Парламентиниң Ўәкиллер палатасының спикери Фукуширо Нукага менен ушырасыўда Өзбекстан – Япония стратегиялық шериклигин буннан былай да беккемлеў ҳәм көп қырлы, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Еки мәмлекет парламент делегациялары арасындағы өз-ара сапар етиў ҳәм ушырасыўлар жедел түс алғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Парламентлерде дослық топарлары жедел жумыс алып бармақта. Май айында Токиода гезектеги парламентлераралық форум табыслы өткерилди.
Парламентлердиң комитетлери, халық депутатлары жергиликли Кеңеслери ҳәм Япония префектураларының ассамблеялары арасында бирге ислесиўди орнатыў, сондай-ақ, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында нызам дөретиўшилиги бойынша тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Япония Либерал-демократиялық партиясының вице-президенти, парламенттеги Өзбекстан менен дослық лигасының ҳәм соның менен бирге Орайлық Азия мәмлекетлери менен дослық лигасының баслығы Таро Асо менен ушырасыўда Өзбекстан – Япония стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларын, соның ишинде, парламентлераралық бағдарда буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Дослық лигасы, әсиресе, оның баслығы Таро Асо Өзбекстан менен Япония арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға қосып атырған үлеси жоқары баҳаланды.
Парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыўда парламентлердеги дослық топарларының ролин күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында 2026-жылы гезектеги Парламентлераралық форумды Өзбекстанда шөлкемлестириўге келисип алынды.
Өзбекстан менен дослық лигасы 2002-жылы шөлкемлестирилген ҳәм ҳәзирги ўақытта оның ағзаларының саны 40 тан асқан. Олардың арасында Японияның белгили сиясий ғайраткерлери, абырайлы депутат ҳәм дипломатлары бар.
Япония экономика, санаат ҳәм саўда министри Рёсэй Аказава менен ушырасыўда Өзбекстан – Япония стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, саўда-инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы Японияның Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестициялары жедел өсип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Кейинги жылларда биргеликтеги кәрханалардың саны 10 есеге, әмелге асырылып атырған жойбарлардың улыўма баҳасы болса 20 миллиард доллардан артты.
Саўда ҳәм инвестициялық байланысларды беккемлеў, альтернатив энергетика, карбонсызландырыў, оғада әҳмийетли шийки зат сыяқлы көплеген тараўларда санаат кооперациясын тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў ушын министрлер дәрежесинде саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияны дүзиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Япония сыртқы саўданы раўажландырыў шөлкеми (JETRO) ҳәм ҒМДА мәмлекетлери менен саўда бойынша ассоциацияның (ROTOBO) белсене қатнасыўында исбилерменлик байланысларын буннан былай да беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Японияға рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасына муўапық, усы мәмлекеттиң жетекши компаниялары, финанс институтлары ҳәм бизнес ассоциацияларының басшылары менен ушырасыў өткерди.
Илажда Япония экономика, саўда ҳәм санаат министри Рёсэй Аказава, “Sojitz”, “Sumitomo”, “Toyota”, “ITOCHU”, “Mitsubishi”, “Marubeni”, “Daito Trust Construction”, “NEC”, “SBI Holdings”, “Ajinomoto”, “Japan Tobacco”, “Hitachi”, “Mitsui”, “Balcom”, “NEC”, “Eurus Energy”, “Chubu Electric Power”, “Shikoku Electric”, “Shimizu”, “Hankyu Travel International”, Япония металл ҳәм энергетика тараўында қәўипсизлик шөлкеми (JOGMEC), Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC), Япония экспорт ҳәм инвестицияларды қамсызландырыў компаниясы (NEXI), Япония сыртқы саўда шөлкеми (JETRO), Япония ҒМДА мәмлекетлери менен саўда бойынша ассоциациясы (ROTOBO), “Norinchukin” ҳәм “SBI Shinsei” банклери, Япония туристлик агентликлери ассоциациясы сыяқлы ири корпорациялар ҳәм қаржы институтларының топ-менеджерлери қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў қатнасыўшыларына мүрәжат етип, япон исбилерменлериниң бундай абырайлы қурамы тәреплердиң бир-бирине болған жоқары исеними ҳәм экономикалық шерикликти буннан былай да раўажландырыўға турақлы қызығыўшылығынан дерек екенин атап өтти.
Соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа мазмунға ийе болғанын атап өтиў керек.
Япония компаниялары бурын тийкарынан жумысты бөлип алып ислеў жойбарларында қатнасқан болса, бүгинги күнде мәмлекет экономикасына жедел инвестиция киргизип, биргеликтеги кәрханалар жаратпақта, басқарыў, технологиялар трансфери ҳәм миллий кадрларды таярлаўға өз үлесин қоспақта.
Сапалық жақтан жаңа басқышқа көтерилген бул өзгерислер нәтийжесинде Япония Өзбекстанның тийкарғы экономикалық ҳәм технологиялық шериклеринен бирине айланды.
Саўда-экономикалық көрсеткишлерде де унамлы пәт бақланбақта: кейинги сегиз жылда товар алмасыў 2 есеге, Өзбекстанда жумыс алып барып атырған япон компанияларының саны болса 10 есеге артты.
Энергетика, денсаўлықты сақлаў, геология, мәлимлеме технологиялары, инфраструктура ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда беккем кооперация орнатылды.
Ушырасыўда Президентимиз мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, соңғы 8 жыл ишинде Өзбекстанның жалпы ишки өними 2 есеге артты. 2030-жылға шекем мәмлекетти орта дәрежеден жоқары дәраматлы мәмлекетлер қатарына киргизиў ўазыйпасы қойылған.
Мәмлекетимиз басшысы Япония исбилерменлерин санаатласыўды жеделлестириў, алдынғы технологияларды енгизиў, өндирис нәтийжелилигин арттырыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиўге қаратылған Өзбекстан экономикасын модернизациялаў процесслеринде белсене қатнасыўға мирәт етти.
Усы мәниде, Япония исбилермен топарлары менен бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Энергетикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм “жасыл экономика”ға өтиў, атап айтқанда, қайта тикленетуғын энергия дереклерин ҳәм резервлеў системаларын раўажландырыў, экономикада “углерод изи”н азайтыў солардың қатарына киреди.
Қосымша қунның толық шынжырын қәлиплестирген ҳалда оғада әҳмийетли минералларды терең қайта ислеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, машина қурылысы ҳәм санаат үскенелерин раўажландырыў, заманагөй жоқары технологиялы санаатласқан экономиканы қәлиплестириў перспективалы бағдарлар қатарында атап өтилди.
Мәлимлеме технологияларын раўажландырыў, соның ишинде, жасалма интеллект ҳәм санластырыў бағдарламаларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Және бир әҳмийетли бағдар – заманагөй арнаўлы экономикалық зоналарды жаратып, өндирис процесслерин автоматластырыў ҳәм санлы басқарыў системаларын енгизиў арқалы оларды жоқары технологиялы ҳәм экспортқа бағдарланған өндирис ҳәм санаат кооперациясы орайларына айландырыў.
Мысал ушын, JICA жәрдеминде Япония модели ҳәм стандартлары тийкарында арнаўлы экономикалық зона қурыў жойбары ислеп шығылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Японияны тек ғана инвестор емес, ал келешек санаатын қурыўда өзиниң стратегиялық шериги сыпатында билетуғынын атап өтти.
Өз гезегинде, Япония исбилермен топарларының ўәкиллери Өзбекстандағы жумысын кеңейтиўге исенимли умтылатуғынын билдирди ҳәм тийкарғы бағдарлардағы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыў бағдарындағы режелерин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм министр Рёсэй Аказава қатнасыўында еки тәреплеме келисимлерди алмасыў мәресими болды.
Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC) басқарыўшысы Нобумицу Хаяси менен ушырасыўда усы жетекши финанслық институт пенен стратегиялық шерикликти және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жылларда банк пенен бирге ислесиўдеги унамлы пәт қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жойбарлардың улыўма портфели 5 миллиард доллардан асқан ҳәм нефть-химия, энергетика, телекоммуникациялар, инфраструктура, жеңил санаат ҳәм басқа да тараўларды қамтып алған.
Энергетика, транспорт, МТ инфраструктурасын раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам жаңа жойбарларды сапалы таярлаў және басланғанларының нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.
Социаллық тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын қоллап-қуўатлаўға ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыўға инвестицияларды кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Өз гезегинде, Нобумицу Хаяси шериклик нәтийжелерин жоқары баҳалады ҳәм Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Токиоға рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) президенти Акихико Танака менен сөйлесиўлери болып өтти.
Ушырасыўда Японияның бул жетекши финанс институты менен кең көлемли бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыўдың әмелий тәреплери додаланды.
Кейинги жылларда стратегиялық шерикликте жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жойбарлар шеңберинде қаржыларды өзлестириў пәти сезилерли дәрежеде өсти.
Жойбарлар портфели 8 миллиард доллардан асты. Денсаўлықты сақлаў, энергетика, транспорт, билимлендириў, санаат ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда және 3 миллиард доллардан аслам баҳадағы басламалар ислеп шығылмақта.
Сапар шеңберинде экономикалық зоналарды раўажландырыў, аўыл хожалығы, медициналық әсбап-үскенелер жеткерип бериў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа келисимлерге қол қойылды.
Япония тәрепи биргеликтеги Инсан ресурсларын раўажландырыў орайы ҳәм Жаслар инновация орайының жумысын көп жыллардан берли қоллап-қуўатлап киятырғаны жоқары баҳаланды.
Агентликтиң энергетика секторын раўажландырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, алдынғы инженер кадрларды таярлаў және “Бир аўыл – бир өним” жойбарының көлемин арттырыўдағы қатнасын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер Япония инвесторлары ушын арнаўлы экономикалық зона қурыў жойбарын тез пурсатта иске қосыўға таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы JICA менен 2030-жылға шекемги Жаңа бирге ислесиў бағдарламасы шеңбериндеги жойбарларды өз ўақтында таярлаў ҳәм олардың нәтийжелери турақлы болыўын тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы “Sojitz Corporation” басшылары Масаёши Фудзимото ҳәм Косуке Уэмураны қабыллады. Японияның жетекши компаниясы менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарлары додаланды.
Электр энергиясына болған талап артып баратырғанын есапқа алып, Сырдәрья ўәлаятында пуў-газ электр станциясын қурыў жойбарын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Көп тармақлы емлеўхана, Ташкенттиң жаңа халықаралық аэропорты, самал электр станциясын қурыў ҳәм басқа да тийкарғы жойбарларға айрықша итибар қаратылды.
Медициналық клиникалар ҳәм мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи мәкемелерин модернизациялаў, трансшегаралық “жасыл” энергия коридорын қурыў, мәмлекетимиз аймақларында газ компрессор станцияларын жаңалаў, сондай-ақ, япониялы инвесторлар ушын арнаўлы экономикалық зона жаратыўда корпорацияның қатнасыўы бойынша басламалар қоллап-қуўатланды.
Японияның “JOGMEC” ҳәм “ITOCHU” шөлкемлериниң басшылары Ичиро Такахара ҳәм Джун Иномата менен ушырасыўда бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм Японияның ең алдынғы технологияларын қолланған ҳалда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
“JOGMEC” “ITOCHU Corporation” менен биргеликте Наўайы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларындағы уран кәнлерин өзлестириўде қатнасып атырғаны жоқары баҳаланды. Компаниялардың мәмлекетимиз аймақларындағы перспективалы кәнлерден қымбат баҳалы металларды қазып алыў режелери көрип шығылды.
Өзбекстан ҳәм “ITOCHU” корпорациясы машина қурылысы, геология ҳәм инфраструктура тараўларында көп жыллық бирге ислесиў тәжирийбесине ийе.
Суўды тазалаў, автомобиль қурылысы, ҳаўа ҳәрекетин басқарыў системасын модернизациялаў ҳәм социаллық тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў сыяқлы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларына айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Токио қаласындағы исбилерменлик илажлары шеңберинде “Sumitomo Corporation” компаниясының президенти Шинго Уэнони қабыллады.
Стратегиялық шерикликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм энергетика ҳәм санаат тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Самарқанд ўәлаятында еки қуяш электр станциясы ҳәм энергияны сақлаў системаларының қурылысы басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усындай жойбарды самал электр станциялары ҳәм сақлаў қуўатлықлары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында да тез пурсатта әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Компанияның аса жоқары күшлениўли кабель өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм тез медициналық жәрдем машиналары паркин модернизациялаўда қатнасыў режелери келисип алынды.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы корпорация менен 2030-жылға шекем мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиўди усыныс етти.
Токиоға сапарының биринши күни жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Акасака сарайында Япония Бас министри атынан Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары ҳүрметине өткерилген рәсмий қабыллаў мәресиминде қатнасты.
Өзбекстан жетекшисин Япония Бас министри Санаэ Такаичи күтип алды.
Илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысының Япония ҳүкимети басшысы менен сөйлесиўлери және “Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасының биринши саммити шеңбериндеги тийкарғы илажлар 20-декабрь күни болып өтеди.
ӨзА