Нөкисте мектеп психологи өз жумысына қайта тикленди

17

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2025-жыл 8-августтағы орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, нызамсыз түрде жумыстан босатылған, даўагер Д.Г.ны Республикалық суў спорты түрлери бойынша спорт мектебиниң психологы лаўазымына тиклеў белгиленген.

Соған қарамастан, жуўапкер Республикалық суў спорты түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен усы суд қарарының орынланыўы тәмийинленбеген.

Онда даўагер суд қарарының орынланыўын тәмийинлеп бериўин сорап, Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлимине мүрәжат етиўге мәжбүр болған.

Бюроның Нөкис қалалық бөлими тәрепинен дәрҳал орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди, жуўапкер шөлкем басшысына суд қарарының орынланыўын тәмийинлемесе, нызамда белгиленген жуўапкершиликке тийкар болатуғыны ҳаққында ескертиў берилген.

Соның нәтийжесинде, даўагер Д.Г. Республикалық суў спорты түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби директорының буйрығына тийкарланып өзиниң алдынғы жумыс орнына қайта жумысқа тикленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги