Руўхый-ағартыўшылық бағдарында әмелге асырылған жумыслар додаланды

Шоманай районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети тәрепинен 2025-жыл даўамында район аймағында руўхый-ағартыўшылық бағдарында әмелге асырылған жумысларға бағышланған ашық сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.
Оған, район ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратов, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Шоманай районлық бөлиминиң баслығы И.Алланиязов, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, депутатлар, тараўда бирге ислесиўши мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерден тийисли қәнигелер қатнасты.
Ашық сәўбетлесиў даўамында 2025-жыл даўамында районда руўхый-ағартыўшылық бағдарында өткерилген илажлар, үгит-нәсиятлаў жумыслары, миллий қәдириятлар, ўатансүйиўшилик, китапқумарлық мәдениятын арттырыў бойынша жаслар арасында әмелге асырылған жойбарлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери, машқалалар додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.
Атап өтилгениндей, райондағы билимлендириў мәкемелери менен мәҳәллелерде руўхый тәрбияның үзликсизлигин тәмийинлеў, халықтың интернет ҳәм ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыў мәдениятын, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды. Идеологиялық процесслерди турақлы түрде үйрениў, терроризм, экстремизм, жынаятшылық ҳәм басқа да қәўиплерге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте ушырасыўлар, сәўбетлесиўлер, үгит-нәсиятлаў илажлары шөлкемлестирилди.
– Буннан тысқары, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың барысы, социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмуны ҳәм әҳмийети, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў бойынша оқыў орынларында, мәҳәлелерде, барлық мәкеме ҳәм кәрханаларда үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилди. Райондағы 26 мәкеме ҳәм кәрханада еки тәреплеме «Жол карта» исленип, мәнәўият бойынша жуўапкерлер бекитилди, – дейди Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Шоманай районлық бөлиминиң баслығы И.Алланиязов.
Райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, хызметкерлердиң руўхый дүньясын байытыў, елимиздеги сиясий-социаллық, экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар, жүз берип атырған унамлы өзгерислер, жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берип барыў мақсетинде барлық мәкемелерде ҳәр ҳәптениң жума күни «Сиясий руўхыйлық саатлары» турақлы түрде өткерилип келинбекте.




Илажда жуўапкерлер тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар додаланып, алдағы ўақытлары руўхый-ағартыўшылық жумысларды буннан былай да системалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги