«Халқабад дийқан базары» реконструкцияланды

10

Соңғы жыллары елимизде халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, турмыслық машқалаларына шешим табыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда Кегейли районында да инфраструктура менен байланыслы машқалаларды сапластырыў бойынша бир қатар илажлар алып барылып, халықты қыйнап келген мәселелерге шешим табыў илажлары көрилмекте.

Кегейли районындағы Халқабад посёлкасында «Халқабад дийқан базары»ның ашылыў мәресими өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жақынлап қалған «Жаңа жыл» байрамы, сондай-ақ, «Халқабад дийқан базары»ның пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, базар аймағында 5,2 млрд. сум қаржы есабынан реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Сатыўшылар ҳәм қарыйдарлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде бастырмалы саўда қатарлары, жаңа дүканлар қурылып, дийқан базары заманагөй көриниске келтирилди. Базар аймағы кеңейтилип, канализация тармақлары тартылды ҳәм әтираплары абаданластырылды. Заманагөй камералар орнатылып, санластырыў жумыслары алып барылды.

Ашылыў салтанаты даўамында мийманлар базар аймағында жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги