“Аўыл хожалығы хызметкерлери күни” мүнәсибети менен тараў пидайылары сыйлықланды

Усы жылдың 20-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде аўыл ҳәм суў хожалығы тараўы ўәкиллериниң қатнасыўында “Аўыл хожалығы хызметкерлери күни” мүнәсибети менен илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды сәне мүнәсибети менен қутлықлап, жыл даўамында жоқары нәтийжелерге ерисиўде, мол қырман жаратыўда аўыл ҳәм суў хожалығы тараўының барлық буўындағы хызметкерлериниң мийнетлери айрықша екенлигин атап өтти.
Атап өтилгениндей, аўыл хожалығы өнимлеринен мол қырман үйиўде тараў пидайыларының машақатлы мийнети менен бирге, Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған айрықша итибар, сондай-ақ, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарарлар тийкарында жаңадан алып келинген 2 мыңнан аслам техника ҳәм агрегатлардың үлеси айрықша есапланады. Өткерилген илажда мине, усындай ийгиликли жумыслар кең түрде атап өтилди.
Буннан соң, сәне мүнәсибети менен бир топар тараў ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен «Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери, сондай-ақ, «Илғор фермер», «Ўзбекистон Республикаси қишлоқ хўжалиги фидойиси», «Ўзбекистон Республикаси сув хўжалиги аълочиси», «Ўзбекистон Республикаси ветеринария фидойиси», «Ўзбекистон Республикаси чорвачилик фидокори» сыяқлы көкирек белгилери, естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги