Халқымыз айта жүргендей байрам болды

Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айында елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни кең түрде белгиленип атыр. Ҳәр жылдағыдай быйыл да Нөкис қаласындағы Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып, салтанатлы байрам илажы ҳәм тамашалары болып өтти.
Байрамның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады.
Республикамыз басшысы өз сөзинде бүгинги күни елимизде аўыл хожалығын модернизациялаў, тараўда жаңа техника ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша тоқталды.
Өткериген байрам салтанатында аграр тараўда жемисли жумыс ислеп атырған бир қатар мийнет алдынғылары хошаметленди.
Атап айтқанда, «Ең алдыңғы фермер хожалығы» номинациясына «Үркинбай» фермер хожалығының баслығы Айтбай Нугманов ылайық деп табылды ҳәм Президентимиз саўғасы Трактор тапсырылды. «Ең жақсы бағман» номинациясы бойынша «Озод интенсив боғ» фермер хожалығының баслығы Азат Машарипов киши трактор, «Ең жақсы шарўа фермер» номинациясы бойынша «Дадабай Байрамкилич» фермер хожалығының баслығы Азамат Дадебаев мотороллер менен сыйлықланды.

Буннан тысқары, «Ең жақсы таўық бағыўшы», «Ең жақсы балықшы» номинациясы жеңимпазлары гранулятор, «Ең жақсы пал ҳәрре бағыўшылар», «Ең жақсы пиллекеш», «Ең жақсы механизатор», «Ең жақсы экспортёр», «Ең жақсы пахтакеш», «Ең жақсы ғәллекеш», «Ең жақсы комбайншы»ларға холодильник, «Ең жақсы қаракөлшилик хожалығы», «Ең жақсы ирригатор», «Ең жақсы мелиоратор», «Ең жақсы ветеринар», «Ең жақсы өсимликлерди қорғаўшы лаборант»лар ҳәр бири скутер, «Ең жақсы ыссыханашы», «Ең жақсы палыз жетистириўши», «Ең жақсы овощ жетистириўши», «Ең жақсы картошкашы», «Ең жақсы қыйтақ жер ийеси» номинациясы жеңимпазларының ҳәр бирине мотокультиватор, «Ең жақсы аўыл хожалығы илимпазы»на телевизор, «Ең жақсы аўыл хожалығы инноваторы»на ноутбук тапсырылды.
Буннан соң байрам тамашалары халық ойынлары ҳәм миллий спорт ойынлары менен даўам етти.
Ең дәслеп байрам тамашалары қала ҳәм районлардан келген билеги күшли жигитлерден ибарат командалардың арқан тартысыў беллесиўлери басланды.
Қызықлы өткен жарыста Шымбай районы командасы биринши, ақмаңғытлылар екинши, Мойнақ районының командасы үшинши орынларды ийеледи.
Буннан соң қошқар дүгистириў жарысына нәўбет берилип, халқымыздың бул миллий ойыны да тамашагөйлерде үлкен қызығыўшылық оятты. Онда ҳәр бир жеңип шыққан қошқарлардың ийелерине баҳалы саўғалар тапсырылды. Атап айтқанда, биринши орынды ийелеген қошқар ийесине гибрид мотороллер,екинши ҳәм үшинши орынға электромотроллер, скутер ҳәм басқа да баҳалы саўғалар менен тапсырылды.
Соңынан байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылып, онда жарыстың таңлап алыў басқышынан табыслы өткен күшли палўанлар жеңимпазлық ушын өз-ара беллести. Атап айтатуғын болсақ, ең аўыр салмақ категориясында бас байрақ ушын Нөкис районынан келген палўан Захириддийин Зайтов ҳәм Нөкис қаласы палўаны Жалолиддин Бабажановлар гүресип, онда азғана үстемлик пенен Заҳириддийин Зайтов жеңиске еристи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев палўанға бас байрақ – Президентимиздиң саўғасы 40 млн. сум сыйлықты тапсырды.
Екинши орын ийеси Ж.Бабажанов 30 млн, үшинши орын ийеси С.Маткаримов 20 млн сум ҳәм оның қарсыласы Р.Куданов музлатқыш пенен сыйлықланды.
Ал, +83 кг салмақ категориясында Б. Орынбасаров ҳәм Д.Төребаевлар холодильник пенен сыйлықланды. Буннан тысқары, 66, 73, 81 кг салмақ категориясындағы палўанлар да мүнәсип хошаметленди.
Буннан соң бир, үш, бес, бес айлаў (жорға), жети, он айлаўға атлар жиберилди. Онда республикамыздың барлық районларынан келген шебер шабандозлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қойылған баҳалы саўғалар ушын бәйгиге түсти.
Соның ишинде, он айлаўға ат шаптырыў жарысы ҳәммеде қызығыўшылық оятып, олар шабандозлардың ҳәр бир айланымын дыққат пенен гүзетип барды. Оғада қызықлы өткен жарыс жуўмағында Мойнақ районынан келген сейис Сарсенғалий Таласовтың аты бәйгини биринши болып кесип өтти ҳәм бас байрақ есапланған Президентимиздиң саўғасы «Onix» автомашинасын жеңип алды.
Ал, екинши орынды ийелеген ақмаңғытлы Саламат шабандозға 50 млн, үшинши орын ийеси қанлыкөлли Абдиғаний палўанға 30 млн. сум ақшалай сыйлық ҳәм қымбат баҳалы саўғалар берилди.
Сондай-ақ, байрам тамашасында өткерилген 7 айлаў бойынша 1-орынға 30 млн. сум, 2-орынға 20 млн. сум, 3-орынға 15 млн. сум, 5 айлаў бойынша 1-орынға 20 млн. сум, 2-орынға 15 млн. сум, 3-орынға 10 млн. сум, 5 айлаўға жорға жарысында 1-орынға 20 млн. сум, 15 млн. сум, 3-орынға 10 млн. сум, 3 айлаўға 1-орынға 10 млн. сум, 2-орынға 5 млн. сум, 3-орынға шаң жутқыш, 1 айлаў тай шабысқа 1-орынға музлатқыш, 2-орынға телевизор, 3-орынға шаң жутқыш тапсырылды.
Соның менен бирге, байрамда қыз қуўыў, теңге алыў, ылақ-көкпар жарыслары да өткерилип, олардың жеңимпазларының ҳәр бири баҳалы саўғалар менен хошаметленди.
Кеўилли ҳәм оғада қызықлы өткен байрамда халқымызға дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды.
Көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы болса, байрам қатнасыўшыларына айрықша заўық бағышлады. Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып өткерилген байрам тамашалары халық сейили менен даўам етти.
Қулласы быйылғы өткерилген байрам илажы халқымыз айта жүргендей әжайып байрам болды.
Салтанатлы байрам илажына Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги