Алгоритмлер емес, биз жуўапкермиз

3

Пикир

Ҳәзирги ўақытта социаллық тармақлар турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып үлгерген. Ол тек ғана қарым-қатнас майданы емес, ал мәлимлеме алмасыў, бизнес жүргизиў, жеке бренд жаратыў ҳәм ҳәттеки, жәмийетлик пикирди қәлиплестириўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте. Санлы платформалар арқалы миллионлаған инсанлар өз билим ҳәм потенциалын көрсетип, ҳадал мийнет есабынан экономикалық турақлылыққа ериспекте. Бирақ социаллық тармақлардың да көбинесе итибардан шетте қалатуғын тәреплери бар…

Енди, технологияның раўажланыўы арқалы контент тек ғана смартфон ҳәм камераларда емес, ал ҳәр қыйлы заманагөй гаджетлерди де қамтып алған. Мәселен, ол қулақшын, көз әйнек, саат ямаса басқа да қурылмалар түринде болыўы мүмкин. “Мета” ҳәм “Рай-Бан” компаниялары тәрепинен ислеп шығылған камералы, ақыллы көзәйнеклер буған айқын мысал болып есапланады. Негизинде бул технология саяхатшылар, журналистлер ҳәм контентмейкерлер ушын қолайлы ҳәм инновациялық қурал есапланады.

Атап айтқанда, жәмийетлик орынларда сахналастырылған “алды-сатты”лар, көпшилик жағдайларда қарсы тәрептиң келисимисиз сүўретке алыў, ярым жалаңаш ҳаялларды кадрға түсириў, кемситиў ямаса уятсыз түсиниклер менен тарқатыў сыяқлы жағдайлар бақланбақта. Бундай контент билим де бермейди, жәмийетти де раўажландырмайды. Керисинше, оларды ең төмен дәрежедеги инстинктлер есабынан жазылыўшы ҳәм көриўлер санын арттырыўға қаратылған.

Әлбетте, саўда-сатық, реклама, маркетинг жаман емес. Егер ол дурыс бағдарланған болса, экономикалық өсиў ҳәм бәнтликти тәмийинлейди. Бирақ инсан абырайы ҳәм намысы есабынан “контент”ти ақлап болмайды. Бул жерде гәп жеке талғам ямаса еркинлик ҳаққында емес, ал социаллық жуўапкершилик ҳаққында бармақта.

Көбинесе “Көрмеў де өз қолыңызда”, “Ҳәр кимниң жеке таңлаўы бар” деген пикирлер алға қойылады. Бирақ машқала сонда, социаллық тармақларды тек ғана саналы, беккем дүньяқарасқа ийе болған инсанлар емес, ал еле шахс сыпатында толық қәлиплеспеген жаслар ҳәм балалар да тамаша етпекте.

Миллеттиң келешеги оның жаслары болып табылады. Жаслардың санасына сиңип атырған ҳәр бир сүўрет, ҳәр бир идея олардың дүньяқарасын қәлиплестиреди. Егер биз бүгин әдепсизликти ғалаба ен жайдырсақ, ертең оннан ағартыўшылық күтиў қаншелли дурыс болады? Сол себепли, ҳәмме нәрсени “сиңдирип” кетиў жәмийет ушын ең қәўипли жағдайлардан бири болып есапланады.

Бул жерде барлық жуўапкершилик тек ғана контент жаратыўшыларға жүклетилмейди. Тамашагөй, жазылыўшы ҳәм трендти көтерип атырған ғалаба да тиккелей жуўапкер. Себеби, талап бар жерде усыныс пайда болады. Еки аўыз ерси гәп ямаса әдепсиз сахна арқалы белгили болып атырғанлар тийкарында бизиң итибарымыз, лайк ҳәм көриўлеримиз есабынан танылып атыр.

Жақсылық, илим, ағартыўшылық ҳәм мәдениятты үгит-нәсиятлап атырған инсанлар ҳәр қашан да белгили бола бермейди. Бирақ әйне олар жәмийетти алға илгерилетеди. Егер биз билимли, тәрбиялы, жуўапкершиликли идеяларды көбирек қоллап-қуўатласақ, алгоритмлер де, майдан да әсте-ақырын өзгереди.

Жуўмақлап айтқанда, социаллық тармақлар – бул қурал. Оны жаратыў да мүмкин, бузыў да мүмкин. Тренд ҳәм көриўлер саны ўақтыншалық, илим ҳәм жақсылық болса мәңгилик қәдирият.

Дилдора Дўсматова,

ӨзА