Басқарыў компаниялары тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер талап дәрежесинде ме?

Сенаттың жалпы мәжилисинде басқарыў сервис компаниялары ҳәм турақ жай мүлк ийелери ширкетлери тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң жағдайы додаланды.
Халыққа турақ жай коммуналлық хызметлер көрсетиўди пүткиллей жақсылаў ҳәм коммуналлық хызметлердиң басқарыў системасын жетилистириў арқалы оның нәтийжелилигин арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, өткен дәўир даўамында тараўды тәртипке салыўға байланыслы 50 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген.

Бүгинги күнде республикамызда 44 мың 280 көп квартиралы жай болып, олардағы 1,5 миллионнан аслам квартираға 971 басқарыў сервис компаниясы ҳәм 241 турақ жай мүлк ийелери ширкети хызмет көрсетпекте.
Жалпы мәжилисте сенаторлар турақ жай коммуналлық хызметлер көрсетиўди жақсылаў ҳәм коммуналлық хызметлердиң басқарыў системасын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда, халықтың дурыс наразылықларына себеп болып атырған ҳәм өз шешимин күтип атырған айырым мәселелерге де итибар қаратты.

Соның ишинде, айырым басқарыў компаниялары тәрепинен мәжбүрий төлемлерди белгилеўде “Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў ҳаққында”ғы нызамға әмел етпеўи ҳәм көрсетилип атырған хызметлер ҳаққында турақ жай мүлк ийелерине өз ўақтында есап бермеўи мүлк ийелериниң дурыс наразылықларына себеп болмақта.
Буннан тысқары, көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелериниң келисимисиз жайдың подвалыныӊ ижараға берилиўи, сондай-ақ, ижараға берилген улыўмалық мүлк ижарасы ҳаққындағы мағлыўматлар “Мениң үйим” биллинг системасына бириктирилмегени ҳәм басқарыў компаниялары тәрепинен абаданластырыў жумыслары алып барылмай атырғаны айрықша атап өтилди.
Додалаў жуўмағында усындай мәселелерге анықлық киргизиў мақсетинде Сенаттың Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.
Н.Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы