«Айқулаш» ансамбли Сырдәрья ўәлаятында

Соңғы жыллары елимизде миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў ҳәм халықлар дослығын беккемлеў бағдарында көплеген унамлы илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, халқымыздың миллий өзгешелиги, көркем өнери ҳәм мәдениятын танытыў бойынша мақтаўға ылайықлы жумыслар алып барылмақта.
Усындай мәдений илажлардың бири Гүлистан қаласында өткерилип, онда «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбилиниң дөретиўшилик жәмәәти Сырдәрья ўәлаятлық Музыкалы драма театрында өзлериниң концерт бағдарламасын халқымызға усынды.
Әсиресе, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Гүлхатийша Айымбетова, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Бахтияр Есемуратов, жас қосықшылардан Мақсет Хожасов, Ильяс Балтабаевтың атқарған йошлы қосықлары менен «Айқулаш» ансамбли ағзаларының көрсеткен аяқ-ойынлары тамашагөйлерде айрықша тәсир қалдырды.



Әлбетте, мәденият тараўындағы өз-ара бундай қатнасықлар халықларымыз арасындағы дослықты еле де беккемлеўге салмақлы үлес болды деп айта аламыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги