“Орайлық Азия – Қытай” форматы секретариаты ҳаққындағы реже ратификацияланбақта

59

Сенат жалпы мәжилисинде “Орайлық Азия – Қытай” форматы секретариаты ҳаққындағы режени ратификациялаў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Нызам Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арасындағы регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, сиясий сөйлесиў, экономикалық раўажланыў, транспорт-коммуникация, инвестиция, энергетика, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған.

Режеде “Орайлық Азия – Қытай” форматы шеңберинде секретариаттың ўазыйпалары, механизмлери ҳәм бирге ислесиў бағдарлары белгиленген. Атап айтқанда, секретариат шерик мәмлекетлер арасындағы келисимлерди муўапықластырыў, әмелий жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәм турақлы қарым-қатнас платформасын қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейди.

Режениң ратификацияланыўы Өзбекстанның регионаллық интеграция процесслериндеги қатнасын күшейтип, аймақлық экономикалық, инвестициялық ҳәм инфраструктуралық, транспорт ҳәм логистика бағдарларын раўажландырыў, жаңа коридорлар жаратыў ҳәм саўда айланысын арттырыўға хызмет етеди.

Сенаторлар мақуллаған нызам Өзбекстанның регионаллық бирге ислесиўге байланыслы басламаларын әмелге асырыў, “Орайлық Азия – Қытай” форматы шеңбериндеги конструктивлик сөйлесиў ҳәм әмелий шерикликти буннан былай да күшейтиўге хызмет етеди.

 

Н.Абдураимова,

ӨзАның хабаршысы