Өзбекстанлылар барған сайын киширек үйлер сатып алмақта

Өзбекстанда халық тәрепинен сатып алынып атырған турақ жайлар жылдан-жылға киширейип бармақта. Бул жағдай турақ жай базарындағы баҳалар, ипотека шәртлери ҳәм демографиялық өсиў менен байланыслы бир қатар факторлар тәсиринде қәлиплеспекте.
Бул ҳаққында Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы тәрепинен жәрияланған турақ жай ҳәм ипотека базары анализинде мәлим етилди.
Таллаўларға бола, 2025-жылға келип мәмлекеттиң бирде-бир аймағында сатып алынған турақ жайлардың орташа майданы 40 квадрат метрге жетпеген. Мәселен, 2021-жылы Ташкент қаласында жаңадан сатылған жайлардың орташа майданы 51 кв. метрди қураған болса, 2025-жылға келип бул көрсеткиш 37 кв. метрге шекем қысқарған.
Мәмлекет бойынша ең төмен көрсеткиш Наўайы ўәлаятында дизимге алынған. Бул аймақта соңғы 3 жыл даўамында сатылған квартиралардың орташа майданы 30 квадрат метрден төмен қәлиплеспекте. Қәнигелер бул жағдайды халықтың дәраматлары, турақ жай баҳалары ҳәм ипотека жүги менен байланыстырмақта.
Рәсмий мағлыўматларға бола, турақ жайлардың номинал баҳалары 2020-2023-жылларда кескин өсип, 2024-жылдың II шерегинде ең жоқары шекке жеткен. Бирақ 2025-жылдың III шерегине келип бирлемши базарда баҳалар 4,5 процентке, екилемши базарда болса 8,3 процентке төменлеген.
Әсиресе, II шеректе баҳа өсиўи бақланған аймақларда кейин ала аўыр төменлеў белгиленген. Атап айтқанда, Жиззақ ўәлаятында 8,7 процент, Сурхандәрья ўәлаятында 8,3 процент, Наўайы ўәлаяты орайларында 6,5 процент төменлеў бақланған.
Ипотека кредитлеў көлеми 2020-жылдағы 9,1 трлн. сумнан 2024-жылы 17,1 трлн. сумға жетип, дерлик еки есеге артқан. Нәтийжеде ипотеканың ЖИӨге қатнасы 4,7 процентти қураған. Бул көрсеткиш Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Әзербайжаннан жоқары.
Соның менен бирге, 2024-жылы республиканың 5 аймағында жаңа турақ жайлар ушын ажыратылған орташа ипотека кредити Ташкент қаласы көрсеткишинен жоқары болған. Бирақ пайтахтта ески турақ жайлар ушын алынған ипотека қарызлары орташа 614 млн. сумды қурап, басқа аймақларға салыстырғанда бираз жоқары болып қалмақта.
Рәсмий дереклерге бола, 2017-2024-жыллар аралығында мәмлекеттеги улыўма турақ жай фонды 28 процентке кеңейип, 7,6 миллион турақ жай бирлигине жеткен. 2020-2024-жылларда 351 мыңнан аслам квартира пайдаланыўға тапсырылып, жыллық қурылыс көлеми 100 мыңға жеткен.
Соған қарамастан, усыныс демографиялық өсиўден артта қалмақта. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетте 900 мыңнан аслам турақ жай жетиспеўшилиги бар. Прогнозларға бола, 2030-жылға шекем кеминде 1,5 миллион, яғный жылына 250-300 мың жаңа квартира қурылыўы талап етиледи.
Қәнигелердиң пикиринше, турақ жайлардың киширейип барыўы халықтың сатып алыў қәбилети, ипотека шәртлери ҳәм баҳалар басымы менен байланыслы. Егер турақ жай қурылысының пәтлери демографиялық өсиўге сәйкес түрде арттырылмаса, келешекте де киши метражлы жайларға талап үстин болып қалыўы мүмкин. Бул болса мәмлекеттен турақ жай сиясаты, ипотека механизмлери ҳәм социаллық турақ жай бағдарламаларын және де жетилистириўди талап етеди.
Шаҳноза Маматуропова,
ӨзА