Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын бериў тәртиби өзгерди ме?

Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақаларын тәртипке салыў халықты социаллық қорғаў системасының әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Бул напақалар аналықты қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў, сондай-ақ, шаңарақлардың социаллық-экономикалық турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Ҳүкиметтиң усы жыл 17-декабрьдеги тийисли қарары менен “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў шеңберинде ўақтынша мийнетке жарамсызлық және ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақаларын тайынлаў және төлеў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.
Режеге бола, қамсызландырылған шахсларға қамсызландырыў ҳәдийселери жүз бергенде 2026-жыл 1-январьдан ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы, 2026-жыл 1-июльден ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы сыяқлы төлемлер төленеди.
Қамсызландырылған шахсларға қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенде мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди алыў ҳуқықы қамсызландырылған шахслар жумыс бериўши менен мийнет қатнасықларында болған дәўирде, юридикалық ямаса физикалық тәреплер менен дүзилген пуқаралық-ҳуқықый характерге ийе шәртнамалар тийкарында хызмет көрсетип атырған дәўирде ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте басқа да рәсмий жумыс пенен бәнт болған дәўирде, сондай-ақ, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын алыў ушын кеминде 10 ай, ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасын алыў ушын кеминде 6 ай қамсызландырыў стажы бар болғанда тайынланады.
Ўақытша мийнетке жарамсызлық напақасы бойынша төлемлер мийнетке жарамсызлық қағазында көрсетилген барлық дәўир ушын, бирақ 1 календарь жыл даўамында 182 календарь күннен аспаған бөлеги ушын әмелге асырылады.
Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў бойынша напақа муғдарын есаплаўда қамсызландырылған шахстың қамсызландырылған стажына сәйкес түрде орташа айлық мийнет ҳақысына төмендеги стаж коэффициенти қолланылады:
10 айдан 24 айға шекем (24 ай да киреди) қамсызландырыў стажына ийе болғанда – 75 процент;
25 айдан 60 айға шекем (60 ай да киреди) қамсызландырыў стажына ийе болғанда – 85 процент;
61 ҳәм оннан артық ай қамсызландырыў стажына ийе болғанда – 100 процент.
Қамсызландырылған шахсларға тайынланған мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди төлеў финанслық агент тәрепинен әмелге асырылады.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА