Өзбекстанда балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша жаңа Стратегия тастыйықланды

Өзбекстанда 2026-2030-жылларға мөлшерленген балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша Стратегия ҳәм Ҳәрекетлер режеси тастыйықланды.
Бул ҳүжжет Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен ислеп шығылған болып, “Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында”ғы нызамның избе-из ҳәм нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған.
Стратегияның тийкарғы мақсети – балалардың қәўипсизлигин, ҳуқықлары менен мәплерин кепиллейтуғын турақлы ҳәм нәтийжели қорғаў системасын жаратыў.
Стратегияның қабыл етилиўи Өзбекстанның халықаралық миннетлемелерин орынлаў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады. Нызам қабыл етилгеннен соң мәмлекет Богота шақырығына қосылды ҳәм Pathfinding халықаралық альянсының ағзасы болды. Бул болса балаларға болған зорлыққа қарата пүткиллей маўасасыз позицияны аңлатады.
Стратегия зорлықтың барлық түрлерин қамтып алған болып, INSPIRE халықаралық көзқараслары, алдынғы дүнья тәжирийбеси ҳәм ең жақсы әмелиятларға тийкарланған. Ҳүжжетте зорлық жағдайларын анықлаў, оператив жуўап илажларын көриў, профилактика ҳәм мониторингти өз ишине алған толық механизм нәзерде тутылған.
Стратегияда шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылған. Зорлық себепли шаңарағынан ажыратылған балалар ушын шаңарақлық орталыққа жақын шараятта социаллық хызметлер көрсетиў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, “Меҳрийбан шаңарақ” хызмети, профессионал қабыл етиўши (foster) шаңарақ институты, аз санлы социаллық қоллап-қуўатлаў орайлары енгизиледи.
Балаларды қорғаў мәселеси билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да уйымлардың улыўма жуўапкершилиги сыпатында қаралады. Бул процессте Социаллық қорғаў миллий агентлиги муўапықластырыўшы уйым есапланады.
Стратегия шеңберинде жынаят, жынаят-процессуаллық ҳәм ҳәкимшилик нызамшылыққа комплексли өзгерислер киргизиледи.
Тийкарғы жаңалықлар, зорлық қурбаны ямаса гүўа болған балаларға бийпул юридикалық жәрдем, тергеў ҳәм суд процесслеринде социаллық хызметкердиң қатнасыўын тәмийинлеў, баланың көрсетпелерин мәжбүрий видеожазыўға алыў, бала ҳәм зорлаўшы арасындағы жүзлестириўди шеклеў нәзерде тутылған.
Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелериниң орнында социаллық интеграция орайлары шөлкемлестирилмекте. Бундай балалардың билим алыў ҳуқықын тәмийинлеў ушын бағдарланыўы мүмкин болған билимлендириў мәкемелериниң саны 258 ге жеткериледи.
Барлық билимлендириў мәкемелеринде “қәўипсиз мектеп” концепциясы енгизиледи, буллинг ҳәм санлы зорлыққа қарсы илажлар күшейтиледи.
Соның менен бирге, балаларға болған зорлық жағдайларын жасырған ямаса хабар бермеген жуўапкер хызметкерлер ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти енгизиў усыныс етилмекте.
Шаҳноза Маматуропова,
ӨзА