Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни байрамы өткериледи
14

Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни байрамы мүнәсибети менен аграр тараўы мийнеткешлериниң мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги хызметине мүнәсип итибар қаратыў ҳәм баҳалаў, руўхый ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў мақсетинде усы жылдың 21-декабрь күни Нөкис қаласы аймағындағы Ат шабар майданында байрам илажы ҳәм тамашалары өткериледи.
Илаж даўамында аўыл хожалығы өнимлери көргизбе-ярмаркалары, руўхый-ағартыўшылық, қайырқомлық илажлары, сондай-ақ, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар, соның ишинде, ат шабыс жарыслары, палўанлар гүреси, арқан тартыс ҳәм қошқар дүгиси ойынлары ҳәм беллесиўлер болып өтеди.
Байрам илажлары халық сейили түринде даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги