Еки жас дзюдошымыз жеңимпазлар қатарында

Қашқадәрья ўәлаятының орайы Қаршы қаласында жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа елимиздиң барлық аймақларынан жас палўанлар қатнасып, 10 салмақ категориясы бойынша жарыс жеңимпазлығы ушын өз-ара беллести.
Кескин өткен беллесиўлерде республикамыз ўәкиллеринен 73 кг салмақта Еркинбай Әзербаев финалға шекем жетип келип, чемпионлық ушын болған гүресте Ташкент қаласы палўаны Воҳиджон Шермаматовқа жеңилип қалды ҳәм жарыстың гүмис медалы менен сыйлықланды.
Ал, қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде Сапаргүл Дәрибаева 30 кг салмақта үшинши орынды жеңип алды.

Жас палўанларымызды жарысқа тәжирийбели тренерлерден Низаматдин Хожабаев ҳәм Зульфия Жапақовалар таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы