«Panamilk» тәжирийбеси: жергиликли өндиристен халықаралық стандартларға қарай

53

Жергиликли өнимлерди халықаралық стандартларға муўапық ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў, исбилерменлер ҳәм ислеп шығарыўшылардың билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў мақсетинде ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласында жумыс алып барып, өзиниң сапалы сүт өнимлери менен тутыныўшылардың исенимине ерисип киятырған «Panamilk» компаниясына бизнес-сапар шөлкемлестирилди.

Сапар даўамында исбилерменлер ҳәм ислеп шығарыўшылар сүт өнимлерин қайта ислеў, заманагөй технологиялар тийкарында қадақлаў процесслери менен жақыннан танысты. Ол жерде компанияның жумысы, сапа қадағалаўы ҳәм өндириске халықаралық стандартларды енгизиў бойынша «Panamilk» компаниясының басшысы тәрепинен ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.

Буннан соң “Жаңа Өзбекстан – бәсекиге шыдамлы өнимлер ели” жойбары шеңберинде «Panamilk» компаниясының басшысы, жас исбилермен Тимур Панаев тараўға қызығыўшылар ушын семинар-тренинг өткерип, өзиниң билими ҳәм топлаған әмелий тәжирийбелери менен ортақласты.

Семинар даўамында Т.Панаев жергиликли өнимлерди дүнья базарына алып шығыў, экспортлық потенциалын арттырыў ҳәм «Made in Uzbekistan» брендин халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў бағдарындағы мақсетлерине айрықша тоқтап өтти.

– Елимизде ислеп шығарылған өнимлерди дүнья базарына алып шығыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў тийкарғы мақсетим болып есапланады. «Made in Uzbekistan» брендиниң халықаралық абырайын арттырыў ушын барлық имканиятларды иске қосаман. Халқымыз ҳәм сырт елли тутыныўшылар ушын да сапалы ҳәм мазалы сүт өнимлерин ислеп шығарып, ҳәр бир шаңарақта саламат орталық жаратыўға үлес қоспақшыман. Бул жолда бәсекиден қорықпайман. Үйренемен, усы тараўға кирип жумыс ислеўди басламақшы болған ҳәр бир исбилерменге жәрдем бериўге таярман, – дейди жас исбилермен Т.Панаев.

– Бул бизнес-сапар ҳәм семинар-тренинг исбилерменлер ушын әмелий билим, жаңа тәжирийбе ҳәм илҳам дереги болып, жергиликли өндиристи және де раўажландырыў ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлер таярлаў жолында айрықша әҳмийетке ийе болды, – дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы Клара Худайбергенова.

Исбилерменлер бул бағдардағы жумысларды жолға қойыў, раўажландырыў мәселелери бойынша өз-ара пикир алысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги