Жас исбилерменлер ушын қолайлы инфраструктура жаратылмақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық саламтлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, Тахтакөпир районындағы Қараой АПЖ аймағынан 3 гектар жер майданы ажыратылып, «Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасы» шөлкемлестирилген еди.
Сондай-ақ, усы аймақта жас исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, өндирис ҳәм исбилерменлик жумысын раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында, Исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан 1 миллиард 440 миллион сум қаржы ажыратылды. Ҳәзирги күнлери усы ажыратылған қаржылар есабынан жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасына алып барыўшы ҳәм аймақ ишиндеги 1,2 километр автомобиль жолларын асфальтлаў жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.



Әлбетте, әмелге асырылып атырған бул инфраструктуралық жойбар аймақта жаңа жумыс орынларын жаратыў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик жумысын және де кеңейтиўге тийкар болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги