Жылдың ең белсендилери сыйлықланды

58

Кегейли районында өтип баратырған жылдың жуўмақларына бағышланған «Хошамет-2025» сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Мәресимде район ҳәкими Айбек Камалов усы жыл даўамында аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша исленген жумыслар, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да қолға киргизилген табыслар ҳаққында айтып, алдағы ўақытлары буннан да жоқары жетискенликлерге ерисиўине тилеклеслик билдирди.

Илажда  районның социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосқан бир қатар тараў ўәкиллери ҳәр қыйлы номинациялар бойынша жеңимпаз деп табылып, район ҳәкимлиги тәрепинен мүнәсип түрде  сыйлықланды.

– Бүгинги өткерилген илажда билимлендириў тараўында қолға киргизген жетискенликлерим инабатқа алынып, «Жылдың ең жақсы мектеп директоры» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылдым, – дейди 55-санлы айырым пәнлерди тереңлестирип оқытатуғын класы бар улыўма  орта  билим бериў  мектеби директоры Ахмед Утепбергенов. – 2022-2023-оқыў жылында мектебимиз оқыўшылары «Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында сыйлы III орынды ийелеп 150 млн сумлық  сертификатты жеңип алған болсақ, 2023-2024-оқыў жылында I орынды жеңип алыўға миясар болдық ҳәм 250 млн сумлық сыйлықты қолға киргиздик. Жеңимпаз оқыўшыларымыз болса, быйылғы оқыў жылы Англия пайтахты Лондон қаласына саяхатқа барып қайтты. Алдағы ўақытлары да өзлеримизге билдирилген исенимди толық ақлап, буннан да жоқары нәтийжелерди қолға киргизиў ушын аянбастан мийнет ете беремиз.

Кегейли районында өткерилген «Хошамет-2025» сыйлықлаў мәресими тараў пидайыларын жаңа жетискенликлерге қарай руўхландырып, оларға келешектеги мақсетлери ушын беккем исеним бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы