Елликқалада заманагөй автодром ҳәм техникалар тапсырылды

Өзбекстан Республикасының қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми тәрепинен Елликқала районындағы оқыў спорт техника орайына заманагөй автодром ислеп берилди.
Салтанатлы тапсырыў мәресиминде “Ватанпарвар” шөлкеми Орайлық кеңесиниң басшылары, Арқа-батыс әскерий округи сәркардалығы, район ҳәкимлигиниң жуўапкерлери, жаслар, оқытыўшылар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Мәресимде шығып сөйлеген жуўапкерлер жаңа автодромның иске түсиўи оқыў-клубда билим алып атырған жасларға айдаўшылық қәнигелигин заманагөй талаплар тийкарында ийелеў, қәўипсиз ҳәрекетлениў қағыйдаларын терең өзлестириў ҳәм ҳәр қыйлы категориядағы транспорт қуралларын басқарыўда әмелий тәжирийбе арттырыў имканиятын беретуғынын атап өтти.
Илаж шеңберинде Елликқала, Беруний, Төрткүл, Әмиўдәрья, Қоңырат ҳәм Хожели районлары оқыў спорт техника орайларына заманагөй жеңил ҳәм жүк автомобиллери тапсырылды.

Илаж шеңберинде әскерий хызметкерлер тәрепинен қойып берилген көргизбели қол урысы беллесиўлери ҳәм де әскерий оркестр тәрепинен атқарылған нама ҳәм қосықлар жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги