Зәҳәрли газ ҳәм өрт бәлесинен абайлы болайық!

49

Қәўипсизликке итибар бериў ҳәр бир мәўсимде зәрүрли болған әмелий процесслерден болып табылады. Әсиресе, қыс мәўсими келип, ҳаўа райының кескин суўытып кетиўи пуқаралардың газге болған мүтәжлигиниң артып барыўына себеп болады.

Усы орында атап өтиў керек, айырым пуқаралар газден надурыс пайдаланады, нәтийжеде бахытсыз ҳәдийселер келип шығыўы мүмкин. Жыл басынан усы күнге шекем республикамызда 678 ɵрт жағдайы есапқа алынған. Ɵртлердиң дерлик 75 проценти пуқаралардың турақ жайларында жүз берген.

Атап айтқанда, өткен 2024-жылда Қарақалпақстан Республикасында 20 пуқара зәҳәрли газден зыянланып қайтыс болған.

Буның себеби неде? Ишки ислер ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлериниң статистикасына қарағанда, қыс мәўсиминдеги көпшилик апатшылықлар тек ғана техникалық насазлықлар менен емес, ал, халықтың қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеўи, жуўапкерсизлиги ҳәм бийпарўалығы ақыбети болып табылады. Сол себепли қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәр бир пуқараның жеке ҳәм топарлық жуўапкершилик нормасы сыпатында қабыл етилиўи шәрт.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында жәми 1 мың 700 ден аслам көп қабатлы турақ жайларда 45 мыңға шамалас квартиралар бар болып, басым көпшилиги пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан. Нөкис қаласында 688 көп қабатлы турақ жайлардың 447си ески, 241и жаңадан салынған жайлар болып, жәми 24 мың 700 ден аслам квартиралар бар.

Айрықша жағдайлар басқармасының қәнигелериниң үйрениўлерине қарағанда, пуқаралардың зәҳәрли газден зыянланыўы менен байланыслы болған кеўилсиз жағдайлар бурын салынған көп қабатлы турақ жайларда, әсиресе, үйрениў өткериўге барған басқарма хызметкерлерине есигин ашпаған, жасалма ысытыў қазанханаларынан пайдаланған, морысы ямаса горелкасы насаз болған квартираларда жүз бермекте. Нөкис қаласында ески көп қабатлы турақ жайларда 15 мыңға шамалас квартиралар болып, усы күнге шекем 2100 ден аслам квартиралар үй ийелери болмағанлығы себепли үйренилмеген. Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлериниң үйме-үй жүрип алып барған профилактикалық илажлары нәтийжесинде 33 мың 400 ден аслам шаңарақларда қәўипсизлик илажлары көрилди. Зәҳәрли газден зыянланыў менен байланыслы кеўилсиз ҳәдийселердиң дерлик 90 процентке шамаласы морылардың тығылып қалыўы менен байланыслы болмақта. Сол себепли биринши гезекте ысытыў қазанханасының морыларын тазалатыўға итибар қартылмақта.

Улыўма алғанда, самаллатыў системасы жақсы ислемейтуғын кәрханаларда, автостоянкаларда, жаңадан боялған ҳәм самаллатылмаған ханаларда, печка менен жылытатуғын үйлерде, үй шараятында тәбийғый газ шығып турғанда жанатуғын материаллардың толық жанбаўы ақыбетинде зәҳәрли газден зыянланыў мүмкин. Сондай-ақ, қурылыс жумысларының коммуникация тармақларының үстинде әмелге асырылыўы, қала қурылысы нормаларына туўры келмейтуғын қурылыс жумыслары бойынша басқарма тәрепинен үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы аймағында жәми 458 қурылыс объектлериниң дизими ислеп шығылды. 2025-жылдың өткен дәўири даўамында қурылыс ушын усыныс етилген 8 мың 754 жер майданларының қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларына муўапықлығы үйренилип, 8 мың 665 жағдайда жер майданларын ажыратыўға руқсат берилди. Қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларына қайшы келетуғын 89 жер майданларын ажыратыўға қанаатландырарсыз деп шешим берилди. Жойбарлаў шөлкемлери тәрепинен келисим ушын келип түскен жәми 1 мың 112 мүрәжаттан 849 ы  қанаатландырарлы жуўап қайтарылды. 263 жойбар ҳүжжетлерине өртке қарсы илажлар киргизилмегенлиги себепли жойбарды келисиў бойынша унамсыз шешим қабыл етилди. Қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға қабыл етиў бойынша 392 мүрәжат келип түскен, соннан, қурылысы жуўмақланған 327 объект пайдаланыўға қабыл етилген, 65 объектте тийисли илажлар әмелге асырылмағанлығы себепли пайдаланыўға қабыл етиў бойынша унамсыз қарар қабыл етилди.

Гүз-қыс мәўсими – бул бизден тек техникалық таярлық емес, ал, жәмийет алдындағы жоқары жуўапкершиликти талап ететуғын сынақ дәўири. Қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў бул миннетлеме емес, ал, инсан өмириниң ең жоқары қәдирият екенлигин аңлаў болып табылады. Ҳәр бир пуқара, ҳәр бир шаңарақ өз қәўипсизлигин тәмийинлеўге жеке өзи жуўапкер.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы