Демография ҳәм раўажланыў: Орайлық Азия ушын инсан капиталына инвестиция не ушын әҳмийетли?

41

Экспертлердиң пикиринше, Орайлық Азияда келеси он жыллықларда регионның экономикалық ҳәм социаллық келешегин қәлиплестиретуғын терең демографиялық өзгерислер жүз бермекте. БМШтың Балалар қоры (ЮНИСЕФ) тәрепинен таярланған “Generation 2050 in Central Asia есабатында Орайлық Азияға “өсип атырған жас регион” деп тәрийп берилген. Буған тийкарлар жетерли, әлбетте. Себеби Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан халқының ярымынан көбиси ҳәзирги ўақытта 30 жасқа шекем. Екинши тийкар сонда, мийнетке жарамлы халық үлесиниң артыўы экономикалық өсиўди жеделлестириўге алып келиўи мүмкин. Бул сөзсиз “демографиялық дивиденд” алыў ушын айрықша имканият жаратады, бирақ бул имканияттан тек ғана инсан капиталына үлкен муғдарда инвестициялар киргизиў арқалы пайдаланыў мүмкин болады.

Ҳақыйқатында да, глобаллық халықтың қартайыўы шараятында Орайлық Азия планетамыздағы ең жас регионлардан бири болып қалмақта. Статистикаға бола, Тәжикстанда орташа жас 22, Қырғызстанда 25 ҳәм Өзбекстанда 27 жасты қурайды. Қәнигелердиң атап өтиўинше, ҳәтте 2050-жылға келип бул көрсеткишлер салыстырмалы төмен болып қалады екен. Бул экономикалық өсиў ушын имканиятлар есигин кеңейтеди. Қалаберди, регион халқы өсиўден тоқтамады, ол даўам етпекте. Мәселен, 2000-жылы Орайлық Азия мәмлекетлериниң жәми халқы 56 миллион еди, 2025-жылға келип бул көрсеткиш 84 миллионнан асты ҳәм әсирдиң орталарында дерлик 112 миллионға жетиўи күтилмекте.

Таллаўларға бола, регионда репродуктивлик жастағы ҳаял-қызлардың саны да артып бармақта, олар әсте-ақырын азайып атырғанына қарамастан, туўылыў дәрежеси турақлылығын сақлап қалмақта. Бундай шараятта инсан капиталына инвестиция киргизиў регион раўажланыўының әҳмийетли факторы болып есапланады.

Сол себепли де есабатта билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм жас әўлад ушын көнликпелерди раўажландырыўға инвестициялар киргизиўге шақырылған.

– Егер жасларға қаратылған инвестициялар турақлы болып қалса, регион жумыссызлықтың артыўы, теңсизликтиң кеңейиўи ҳәм экономикалық потенциалдың жоғалыўы қәўпи астында қалыўы мүмкин, – делинеди есабатта.

Бүгинги күнде Орайлық Азияда мийнетке жарамлы ҳәр 100 адамға шама менен 60 мийнетке жарамсыз адам туўра келеди – бул тарийхый төмен көрсеткиш болып, 2040-жылдан кейин халықтың қартайыўы себепли өсе баслайды.

– Бул кейинги 10-15 жыл оғада әҳмийетли екенлигин аңлатады, – дейди есабат авторлары. – Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қорғаў системалары ҳәзир модернизацияланбаса, онда экономикалық өсиў онлаған жыллар даўамында шеклениўи мүмкин.

Миграция мәселеси де регион мәмлекетлериниң аўыр машқалаларынан бири сыпатында атап өтилген. Ҳәзирги ўақытта Тәжикстан, Өзбекстан ҳәм Қырғызстанның мыңлаған халқы сырт елде жумыс ислемекте ҳәм олардың перзентлери ата-аналарынан бөлек өсиўге мәжбүр. Әлбетте, бул олардың эмоционаллық абаданлығына, оқыўдағы нәтийжелерине ҳәм социаллық бейимлесиўине қандай да бир мәнисте тәсир етеди. Қалаберди, келеси жылларда көплеген мигрантлар пенсия жасында үйлерине қайтады, бул да социаллық хызметлерге жүк артады дегени.

Хош бундай шараятта қалалардың келешеги қандай болады? Бул имканият па ямаса қәўип пе?

Аналитиклердиң есап-санақларына қарағанда, әсиримиздиң орталарына келип, регион халқының 60,5 проценти қалаларда жасайды екен. Бирақ инфраструктураны раўажландырыў пәти – суў тәмийнаты, санитариялық, транспорт ҳәм денсаўлықты сақлаў системалары еле қалалардың өсиўине бейимлесе алмай атыр.

– Бул әсиресе, тез раўажланып атырған Ташкент, Душанбе ҳәм Бишкек аймақларында кескин сезиледи, – дейди экспертлер. – Буннан тысқары, климат өзгериўи де жағдайды және де аўырластырмақта. Қурғақшылық, музлықлардың ерте ериўи ҳәм айырым аймақларда суў жетиспеўшилиги әллеқашан халықтың көшиўине ҳәм қала аймақларына басымның күшейиўине алып келмекте.

Қәнигелер келешектеги экономикалық өсиўдиң үштен еки бөлеги инсан капиталына киргизилген инвестициялар есабынан туўра келетуғынын атап өтпекте.

– Ерте жастан баслап сапалы билим алыў имканиятын арттырыў, балалар ҳәм жас өспиримлерди заманагөй медициналық жәрдем ҳәм саламат аўқатланыў менен тәмийинлеў, шаңарақларды қоллап-қуўатлайтуғын социаллық қорғаў системаларын кеңейтиў, жаслар, соның ишинде, қызлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын бәнтлик ҳәм оқыў бағдарламаларын кеңнен жолға қойыў, санитариялық ҳәм қәўипсиз қала орталығын жаратыў зәрүр, – дейди экспертлер. – Егер бул илажлар әмелге асырылса, Орайлық Азия 2050-жылларда регионды қәлиплестиретуғын жас, ғайратлы ҳәм көп қырлы әўладтан нәтийжели пайдаланыў имканиятына ийе болады.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2023-жыл сентябрьде Нью-Йоркта болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясында шығып сөйлеген сөзи жоқарыда келтирилген пикирлерге қаншелли үнлес екенин көриў мүмкин. Сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы “Халқының дерлик ярымы жаслардан ибарат болған Орайлық Азия ушын жас әўлад ҳәм олардың потенциалын жүзеге шығарыўға байланыслы мәселелер айрықша әҳмийетли,” деген еди. Сондай-ақ, Ш.Мирзиёев регионымызда жаслардың раўажланыўын хошаметлеў бойынша жумысшы топар дүзиўди усыныс етип, “Орайлық Азия жаслар күн тәртиби – 2030” бағдарламасын ислеп шығыў мақсетке муўапық екенин атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, Президентимиз ҳәр сапар халықаралық минберлерде шығып сөйлеген сөзлеринде жаслар мәселелерине айрықша тоқтап өтеди. Мәмлекетимиз жаслары менен де тез-тез ушырасып, олардың арзыў-нийетлери, режелери, машқалаларын билгиси келеди ҳәм олар менен ашықтан-ашық сөйлеседи. Булардың барлығы – елимизде жас әўладты камалға келтириў, оларды мәмлекетимиздиң саналы, жетик пуқарасы етип тәрбиялаў елимизде алып барылып атырған ақылға уғрас сиясаттың әҳмийетли бағдары екенин және бир мәрте дәлиллейди.

Саидмурод Раҳимов таярлады,

ӨзА