Климат кризиси ҳәм дүнья жәмийетшилиги: 2025-жылдан келешек ушын сабақлар

54

Бәринен бурын, усы жылы дүнья жәмийетшилиги ушын глобаллық климат өзгериўи енди тек ғана келешек қәўпи емес, ал ҳәзирги реал ўақыя екенин айқын көрсеткенин айтыў керек. Экстремал ыссылық толқынлары, қурғақшылық, күшли жаўынлар ҳәм суў тасқынлары экологиялық турақлылықты бузыў менен бирге, жәҳән экономикасы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм социаллық турақлылыққа да айрықша тәсир көрсетти.

Халықаралық шөлкемлердиң есабатларына бола, 2025-жылы климат пенен байланыслы апатшылықлардың көлеми ҳәм экономикалық зыяны бойынша соңғы он жыллықтағы ең жоқары көрсеткишке жақынласты. Бул болса мәмлекетлер ҳәм жәмийет алдында жаңа қатнаслар, анық қарарлар ҳәм узақ мүддетли стратегиялық пикирлеў зәрүрлигин қоймақта.

“Экологиялық турақлылық” рубрикасы шеңберинде эксперт Исламбек Ғуламов пенен усы жылдың тәжирийбеси, оннан шығатуғын жуўмақлар ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында қысқаша сәўбетлестик.

– Айтыңшы, 2025-жылы қайсы экстремал климат ҳәдийсеси глобаллық көлемде ең көп экономикалық зыян келтирди?

– Быйылғы жылы экономикалық жақтан ең үлкен зыян узақ даўам еткен ҳәм кең аймақларды қамтып алған ыссылық толқынларының үлесине туўра келди, деп айтыў мүмкин. Әсиресе, Европа, Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс регионларында бақланған жоқары температура аўыл хожалығы, энергия тәмийнаты системалары ҳәм халықтың саламатлығына айрықша унамсыз тәсир көрсетти.

Айырым регионларда ыссылық толқынлары қурғақшылықты күшейткен болса, айырым аймақларда апатшылық суў тасқынлары бақланды. Нәтийжеде түрли инфраструктуралар зыян көрди, өндирис тоқтап қалды ҳәм мәмлекетлик бюджетлер ушын миллиардлап муғдарда қосымша қәрежетлер жүзеге келди. Бул жағдай климат қәўип-қәтерлери енди экономикалық қәўип-қәтерлер менен тең дәрежеде баҳаланыўы кереклигин көрсетти.

– Усы жылдан қандай сабақлар келешекте суў резервлери ҳәм аўыл хожалығын басқарыўда қолланылыўы мүмкин?

– Ең тийкарғы сабақ – суўды басқарыўда тек ғана бар резервлерге сүйениў жетерли емес. Келешекте суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў, климатқа шыдамлы егин түрлерине өтиў ҳәм суў резервлерин узақ мүддетли режелестириў тийкарғы ўазыйпа болыўы шәрт, деп ойлайман.

– Қайсы мәмлекетлер климат кризисине қарсы ең нәтийжели ҳәрекетлер ислемекте, деп айта аласыз?

– Дурыс, усы жылы айырым мәмлекетлер климатқа бейимлесиў ҳәм шығындыларды азайтыў тараўында избе-из сиясат жүргизгени менен ажыралып турды. Атап айтқанда, Скандинавия мәмлекетлери, Германия, Япония ҳәм Жаңа Зеландия қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен енгизиў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм халықты климат қәўиплерине таярлаў бойынша нәтийжели илажлар көрди.

Бул мәмлекетлерде климат сиясаты тек экологиялық емес, ал экономикалық ҳәм социаллық сиясат пенен үйлескен. Нәтийжеде олар климат соққыларын салыстырмалы жуўас қабыллады ҳәм тез бейимлесиў имканиятына ие болды.

COP30 ҳәм экологияға бағышланған усы сыяқлы халықаралық саммитлерден қандай тийкарғы жуўмақлар алыў мүмкин?

– Билесизбе, COP30 ҳәм басқа да халықаралық мәжилислер тийкарғы бир ҳақыйқатты және бир мәрте тастыйықлады: енди сиясий билдириўлердиң өзи жетерли емес, анық финанслық ҳәм әмелий механизмлер зәрүр. Раўажланып атырған мәмлекетлерге климатқа бейимлесиў ушын финанслық жәрдемди арттырыў, технологиялар трансфери ҳәм есап бериў системаларын күшейтиў мәселелери тийкарғы әҳмиетке ие болды.

Ең әҳмийетли жуўмақ – климат кризисине қарсы гүресиўде мәмлекетлер арасындағы исеним ҳәм бирге ислесиў шешиўши фактор болып есапланады. Бир мәмлекеттиң ҳәрекети жетерли емес, глобаллық муўапықластырылған көзқарас ғана нәтийже береди.

– Қайсы технологиялар ҳәм инновациялар усы жылы климат қәўипин жумсартыўға жәрдем берди?

– Климат қәўиплерин жумсартыўда санлы ҳәм “жасыл” технологиялардың әҳмийети сезилерли дәрежеде артты. Әсиресе, жасалма интеллектке тийкарланған климат мониторинги системалары, ерте ескертиў бағдарламалары ҳәм жоқары анықлықтағы прогнозлар тәбийғый апачылықлар ақыбетлерин азайтыўға хызмет етти.

Сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия – қуяш ҳәм самал электр станциялары, энергия сақлаў аккумуляторлары ҳәм “ақыллы тармақ” технологиялары ыссы толқынлары ўақтында энергия системаларының турақлы ислеўин тәмийинледи.

Аўыл хожалығында болса климатқа сай агротехнологиялар ҳәм суўды үнемлейтуғын инновациялар жақсы нәтийже берди.

– Климат кризиси нәтийжесинде қандай жаңа қәўиплер пайда болды ҳәм олардан қалай сақланыў мүмкин?

– 2025-жылы климат кризиси менен байланыслы жаңа қәўип-қәтерлер – климат миграциясы, денсаўлықты сақлаў системасына басым ҳәм социаллық теңсизликтиң күшейиўи менен көринди. Экстремал ыссылық ҳәм суў тамтарыслығы айырым аймақларда халықтың көшип кетиўине себеп болды.

Бул қәўиплерден сақланыў ушын мәмлекетлер ерте бейимлесиў сиясатына өтиўи, халықты қорғаў механизмлерин күшейтиўи ҳәм климат қәўиплерин социаллық сиясат пенен үйлестириўи зәрүр.

Климат кризисине қарсы гүресиў тек ғана экологиялық емес, ал инсан қәўипсизлиги мәселеси екени айқын көринип атырғанын атап өтиў керек.

– Жуўмақлап айтқанда, 2025-жыл ўақыяларынан келип шығатуғын ең әҳмийетли глобаллық сабақ не?

– Ең әҳмийетли глобаллық сабақ – климат кризисине қарсы илажлар ҳасла кешиктирилмеўи керек. Ўақытты жоғалтыў экономикалық жоғалтыўлар, социаллық турақсызлық ҳәм инсан өмири ушын қәўиплерди бир неше есеге арттырады.

Климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм оны жумсартыў илажлары параллель алып барылмаса, турақлы раўажланыў ҳаққында айтыў қыйын. Жедел бирге ислесиў, илимий тийкарланған қарарлар ҳәм жуўапкершиликли қатнас жасаў арқалы ғана келешек әўладлар ушын екологиялық турақлылықты сақлап қалыў мүмкин.

– Қысқа, бирақ мазмунлы сәўбет ушын рахмет!

– Рахмет, аман болың.

Мусылман Зия сәўбетлести.

ӨзА