Арал теңизиниң тарийхы ҳаққында ҳүжжетли фильм дүнья жәмийетшилигине усынылды

Арал теңизи тарийхы ҳәм Аралбойы аймағындағы жергиликли халықтың турмысы ҳаққындағы ҳүжжетли, қысқа метражлы фильм дүнья халықлары нәзерине усыныс етилди. “Whispers of the Aral Sea: A Story of Loss and Resilience” – “Арал теңизиниң сыбырлысы: жоғалтыў ҳәм мәртлик тарийхы” деп аталған бул картина Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Шөллениўге қарсы гүресиў бойынша Конвенциясы (UNCCD) тәрепинен Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи комитети жәрдеминде жаратылған.



Мағлыўмат ушын, 2023-жыл ноябрь айында Самарқанд БМШ Шөллениўге қарсы гүресиў бойынша конвенциясының әмелге асырылыўын көрип шығыў комитети (CRIC21) ниң 21-сессиясына басшылық еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги